Усы жылдың 22-май күни Министрлер Кабинетиниң айрым қарарларына киргизилген өзгерислерге муўапық, ески үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықларын жаңа үлгидеги гүўалыққа мәжбүрий алмастырыў мүддети 2021-жылдың 31-декабрь күнине шекем узайтылды (алдын бул мүддет 2020-жыл 31-декабрьге шекем еди). Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Сондай-ақ, ески үлгидеги миллий транспорт басқарыў гүўалықлары және автомототранспорт қуралының дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалықлар 2022-жылдың 1-январь күнинен баслап ҳақыйқый емес деп есапланады (алдын бул мүддет 2021-жылдың 1-январь күнинен баслап етип белгиленген еди).

 

Соның менен бирге, автомототранспорт қуралын 12 ай даўамында басқарғанын тастыйықлаўшы ҳүжжетлер қатарына транспорт қуралы ийесиниң жақын ағайин-туўысқанлары ушын автомототранспорт қуралының дизимге алынғаны ҳаққындағы гүўалық ҳәм транспорт қуралы ийесиниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў бойынша қамсызландырыў полиси де қосылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.