Усы жылдың 25-май күни саат 13:30 ларда Хожели районы аймағынан өткен А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 795-километринде ЖТҲ жүз берди. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ ЖҲҚББ хабар берди.

 

Хабарларға қарағанда, 1976-жылы туўылған транспорт басқарыўшысы З.К. (ер адам) «Cobalt» маркалы транспорт қуралының тезлигин нормадан асырған ҳалда басқарып баратырғанда, руль басқарыўын жоғалтыўы ақыбетинде жолдан шығып кетип, оң тәрептеги темир суў қубырына барып урылған.

 

Ақыбетинде автомобильде болған, 1932-жылы туўылған жолаўшы У.Ю. (ҳаял адам) дене жарақатларын алып, емлеўханада қайтыс болған. Транспорт басқарыўшысы З.К. ҳәм және бир жолаўшы, 1978-жылы туўылған Ж.Г. (ҳаял адам) дене жарақатларын алып, емлеўханаға жатқарылған.

 

Жүз берген ЖТҲ бойынша Хожели районлық ИИБ Тергеў бөлими тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.