26-май күни халық депутатлары Төрткүл районлық Кеңесиниң гезексиз алтыншы сессиясы болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

 

Сессия жумысына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты ҳəм районды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, әсиресе, бүгингидей сынаўлы дәўирде халықтың турмыс абаданлығын жақсылаў, жәрдемге мүтәж ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәмде жумыссыз пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша алда турған ўазыйпалар ҳаққында кең түрде шығып сөйледи ҳәм район ҳәкими лаўазымына  усы күнге дейин Елликқала районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары лаўазымында ислеп келген Шамуратов Рустам Азатовичтиң кандидатурасын усынды.

 

Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап шығып сөйледи.

 

Сессияда Р.А.Шамуратов Төрткүл районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды ҳәм өзиниң бар билим, топлаған ис-тәжирийбесин районды ҳәр тәреплеме гүллеп-раўажландырыўға, халықтың турмыс абаданлығын арттырыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Мағлыўмат ушын, Р.А.Шамуратов өткен жыллар ишинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң экономикалық раўажландырыў мәселелери секретариаты баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы, Төрткүл районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Елликқала районы ҳәкиминиң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша биринши орынбасары, Елликқала районы ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары сыяқлы жуўапкерли лаўазымларда жумыс алып барған.