«Ишки ислер уйымларының еркинен айырыў менен байланыслы болған жазаны атқарыў жумысларының ашық-айдынлығы ҳәм әшкаралығын тәмийинлеў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Ҳүкиметлик қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар берди.

 

Қарарға муўапық, еркинен айырыў менен байланыслы болған жазаны атқарыў тараўындағы төмендеги мағлыўматлар қупыялықтан шығарылады:

 

– ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларында сақланып атырған адамлардың саны ҳаққындағы мағлыўматлар;

 

– ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларының саны және олар жайласқан орын ҳаққындағы мағлыўматлар;

 

– жазаны атқарыў мәкемелериниң өндирислик хызмети, олар тәрепинен номенклатура бойынша ҳәм пул менен белгиленетуғын ислеп шығарылып атырған товарлық өнимлер ҳаққындағы мағлыўматлар;

 

– ИИМның жазаны атқарыў мәкемелери ҳәм тергеўде услап турыў орынларында сақланып атырған адамлар арасында өлимшилик жағдайларының саны ҳаққындағы мағлыўматлар;

 

– жазаны атқарыў мәкемелеринде сақланып атырған ҳәм медициналық көринистеги мәжбүрий илажлар қолланылып атырған тутқынлар саны ҳаққындағы мағлыўматлар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.