ҚАЙЫРЛЫ БАСЛАМА

Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы Жумабай Жаббаров өзи басшылық ететуғын «Мега текстиль» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине 50 пуқараны жумыс пенен тәмийинледи.

Бүгинги коронавирус пандемиясы дәўиринде жумыссыз пуқараларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты сапластырыў, халқымызды қыйнап атырған машқалаларды сапластырыў айрықша әҳмийетке ийе. Бул бағдарда ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесине, қалалық ҳәм районлық Кеңеслери, партиядан сайланған депутатлар белсендилик көрсетпекте. Солардың бири, Халық депутатлары Елликқала районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы Жумабай Жаббаров өзи сайланған аймақтан 50 пуқараның бәнтлигин тәмийинледи.

-2018-жылдың май айында өз жумысын баслаған кәрханамызда тийкарыннан ийирилген жип ҳәм жинси материалы ислеп шығарылады,-дейди депутат Ж.Жаббаров.-Жумысшыларымыздың көпшилиги ҳаял-қызлардан ибарат. Карантин дәўиринде үйде жумыссыз отырғанлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде, жаңа жумыс орынларын аштық.

-Үйде бес балама қарап жумыссыз отырған едим,-дейди райондағы Елликқала аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Надира Сапаева.- Өмирлик жолдасым да жумыссыз қалды. Усындай қыйналып атырған пайытымызда «Мега текстиль» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы бизлерди жумыс пенен тәмийинледи. Буннан жүдә қуўанышлымыз.

Изленген имкан табады,-дейди дана халқымыз. Бүгинги сынаўлы күнлерде халқымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырған депутатларымыз бенен исбилерменлеримиздиң қайырлы басламалары ҳәр қандай мақтаўға турарлық.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы