Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик экология комитетиниң басламасы менен усы жылдың май айы «Браконьерликке қарсы гүресиў айы» деп дағазаланып, «Қубла», «Арқа» ҳәм «Қоңырат-Мойнақ» аймақларында тараў қәнигелери тәрепинен рейдлер ҳәм оператив илажлар өткерилмекте.

– Ҳәзирги ўақытта көпшилик машқалалар браконьерлик ақыбетинен келип шықпақта. Ҳәттеки, коронавирустың келип шығыўы да жабайы ҳайўанларды тәртипсиз аўлаў менен байланыслы екенлигинен гүман етилмекте,-дейди комитеттиң баспасөз хаткери У.Мырзаназарова. – Комитет системасындағы барлық инспекторлар аймақларға бөлинип, нызамсыз түрде аң ҳәм балық аўлаў менен шуғылланатуғын және өсимликлер дүньясынан нызамсыз түрде пайдаланып, терек ҳәм путақларды рухсатсыз кесетуғын ҳуқықбузарларға қарсы кескин гүрес алып бармақта.

Қарақалпақстан Республикасы Экология комитетиниң Тахтакөпир районлық инспекциясы тәрепинен өткерилген гезектеги рейд илажы даўамында райондағы «Қытай қазған» коллекторы әтирапынан Беруний районында жасайтуғын пуқаралар П.А. ҳәм Б.А.лар 3 жыланбалық ҳәм  8 сазан балықты аўлаған пайытында иркилди. Усы факт бойынша ҳуқықбузарларға Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 90-статьясы 4-бөлимине муўапық, 4 миллион 258 мың сум зыян есапланып, судқа өткериў ушын ҳүжжетлери таярланбақта.

Cондай-ақ, оператив топар тәрепинен өткерилген рейд даўамында Елликқала районы «Қылшынақ» АПЖда жасайтуғын пуқаралар У.А., С.А., Х.А. ҳәм О.А.лар тәрепинен нызамсыз түрде 310 түп тораңғыл ағашының шаўып алынғанлығы анықланды. Олар Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 79-статьясы 1-бөлимине муўапық, ҳәр бирине 1 миллион 115 мың сумнан, жәми 4 миллион 460 мың сум жәрийма ҳәм тәбиятқа келтирген зыянды қаплаў ушын 21 миллион 341 мың 100 сум даўа есапланды.

Усы жыл 1-20-май күнлери аралығында өткерилген илажлар даўамында нызамсыз түрде аң ҳәм балық аўлаў менен шуғылланыў бойынша 15 факт анықланды. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 90-статьясы 4-бөлимине тийкарланып, жәми 102 миллион 436 мың 500 сумлық зыян есапланды. Усы дәўирде өткерилген илажларда өсимлик дүньясы бойынша 33 факт анықланды. Ҳуқықбузарларға тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 79-статьясы 1-бөлимине муўапық 31 миллион 666 мың сум жәрийма ҳәм тәбиятқа келтирген зыянды қаплаў ушын 77 миллион 472 мың 900 сум даўа есапланды.

Арнаўлы рейд ҳәм профилактикалық илажлар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги