Усы жылдың 19-май күни Төрткүл районында баласын сатпақшы болған ҳаял қолға алынды. Бул ҳаққында ИИМ Баспасөз хызмети хабар берди. Атап өтилиўинше, 43 жастағы М.П Беруний районы ИИБине арза менен мүрәжат етип, онда Төрткүл районында жасайтуғын «Қундыз» атлы ҳаял нызамсыз түрде өз перзентин сатпақшы болып жүргенин билдирген. Оның бул арзасына тийкарланып сол күнги саат  21:00 де Беруний районы ИИБ хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында, Төрткүл районында жайласқан жаңа үлгидеги турақ жайда ижарада жасап атырған   38 жасар Қундыз К. өзиниң екинши перзенти, жас өспирим 13 жасар Д.О.ны пуқара С.Э.ге 15000 АҚШ долларына сатып атырған ўақтында усланған.

Ҳәдийсе жүз берген орыннан химиялық қайта исленген  400 АҚШ доллары және қалған  14 600 АҚШ доллары муғдарындағы пуллар анықланып, айғақлы зат ретинде орнатылған тәртипте алынған.

Жағдай бойынша  Министрлик Баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше,Төрткүл районы ИИБ жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен Қундыз К.ға Жынаят кодексиниң 135-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти (адам саўдасы) менен жынаят иси қозғатылған, ҳәзирде дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги