COVID-19га қарши вакцина биринчи бўлиб АҚШда яратилиши айтилмоқда

АҚШ президенти Дональд Трамптың миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи Роберт О´Брайенниң пикиринше, коронавирусқа қарсы вакцина ислеп шығарыўда АҚШ дүньяда биринши мәмлекет болады.

Meet the Press бағдарламасында кеңесгөйге Қытай коронавирусқа қарсы биринши болып вакцина ислеп шығарыўы мүмкин бе,-деп сораў берилгенде, ол «мениң пикиримше, Америка биринши болады»,- деп жуўап берди.

Жонс Хопкинс университетиниң соңғы мағлыўматларына қарағанда, Ақшта ҳәзирге шекем вирус жуқтырғанлардың саны 1,6 миллион адамға жеткен ҳәм 97 мың адам қайтыс болған.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң соңғы мағлыўматына бола, дүнья бойынша  5,1 милионнан аслам адам инфекцияға шалынған, қурбанлар саны  333 мың адамнан асты.

 

ӨзА