WhatsApp янги функцияни ишга туширмоқда

WhatsAppтың iOS ушын бета-версиясында QR-кодларды анықлаў функциясы пайда болды, деп жазады Wabetainfo порталы. Кейин ала оны Android қурылмаларына да орнатса болады.

Бул порталдың мағлыўматында келтириўинше, мессенджер пайдаланыўшылары телефон номери шифрланатуғын жеке кодларды басқалар менен бөлисе болады. Бундай комбинацияны алыўда оны смартфон камерасы жәрдеминде сканерлеп алыўдың өзи жетерли. Бул болса сәўбетлести жеделлик пенен байланыс дизимине киргизиў имканиятын береди.

Егер шифрланған мағлыўмат адасып басқа адамға жиберилсе 14-кодты өширип жибериў ҳәм тазасын жазыў мүмкин, делинеди хабарда.

 

ӨзА