Усы жылдың 16-17-май күнлери билимлендириў бағдарындағы халықаралық экспертлердиң қатнасында «Аралықтан оқытыўдағы машқалалар ҳәм олардың шешими, онлайн оқыўға өтиў» атамасында халықаралық онлайн конференция болып өтти.

 

Илажды Ҳиндстандағы Джавахарлал Неру атындағы университеттиң профессоры Ранджана Бенерджи басқарып барды.

Конференцияға, сондай-ақ, Ҳиндстан Республикасынан усы университеттиң рус тили ҳәм әдебияты бойынша илим докторы Сону Саини,  Израиль Республикасының «Компьютер илимлери ҳәм программалық тәмийинлеў қолланбасы» бойынша муғаллими Зэев Фрайман, Қазақстан Республикасының Нурсултан атындағы мектеби муғаллими Айгүл Амитова ҳәм Наманган мәмлекетлик университетиниң рус тили пәни муғаллими Азиза Мирзаназарова, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық оқыў-методикалық орайының бир қатар хызметкерлери қатнасты.

Дүньяның 15 мәмлекетинен онлайн байланысқа шыққан қатнасыўшылар өзлериниң аралықтан оқытыў бойынша топлаған тәжирийбелери менен ортақласып, пикир-усынысларын билдирди.

Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Республикалық оқыў-методикалық орайының методистлери Мийригүл Бердибаева ҳәм Әжинияз Жоламановтың Израиль Республикасынан программалаўшы-муғаллим Зэев Фрайман менен биргеликте ислеп атырған қарақалпақша-русша сөзлигин таныстырыў болып өтти.

Усы жылдың июнь айында және усындай конференцияның өткерилиўи режелестирилген болып, онда Қарақалпақстандағы аралықтан оқытыў бойынша ерисилген жетискенликлер ҳәм машқалаларды додалаў нәзерде тутылмақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы