Дәслепки көргизбеси 1929-жылы Төрткүл қаласында шөлкемлестирилген Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи мине 90 жылдан берли қарақалпақ халқының бай тарийхы ҳәм көркем өнерин, үлкемиздиң флора ҳәм фаунасын сәўлелендириўши экспонатларды кең жәмийетшиликке көрсетип келмекте.

Өз жумысын 20 экспонат пенен баслаған музей коллекциясы бүгинги күнге келип 80 мың 754 данаға жетти. Соннан 400 ден асламы сийрек ушырасатуғын экспонат есапланады. Музей фондында зергерлик, археология, өнерментшилик, әмелий көркем өнер, тәбият, XX әсирге тийисли болған мағлыўматлар, Қарақалпақстан Республикасы сүўретлеў көркем өнерининиң раўажланыўына үлес қосқан, сондай-ақ, Аралбойында дөретиўшилик еткен художниклердиң сүўретлеў көркем өнер шығармалары сақланады.

 

 

 

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойында мәденият, әдебият, көркем өнер тараўларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 28 жыллығы алдында бир қатар социаллық тараў объектлери менен бир қатарда Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы әжайып саўға болды. Миллий архитектуралық үлги тийкарында қурылған имаратта барлық шараятлар бар.

Әлбетте, бул бийкарға емес. Себеби, музейлер ҳәр бир халықтың өтмишинен бүгинги күнине шекем сақланып киятырған шежиреси есапланады. Олар арқалы халықтың тарийхын, дәўирдиң руўхын сезиўимиз мүмкин. Жасларды ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаўдағы орны шексиз болып есапланады.

 

 

Халқымыздың тарийхын, көркем өнер шығармаларын өзинде жәмлеп, дерлик 90 жылдан берли минсиз хызмет етип атырған Қарақалпақ мәмлекетлик үлкетаныў музейине Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 11-декабрьдеги «2017-2018-жылларда мәмлекетлик музейлердиң жумысын жетилистириў ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасы тарийхы ҳәм мәденияты мәмлекетлик музейи атамасы берилди. Сондай-ақ, усы қарар тийкарында Мойнақ районы «Экология» ҳәм Елликқала районы «Археология» музейлери музей филиалларына айландырылды.

– Бүгинги күнде этнография, тәбият ҳәм археология, жаңа тарийх бөлимлери жумыс алып бармақта – дейди музей директорының орынбасары Сения Байбосынова. – Жаңа имараттың иске қосылыў мүнәсибети менен музей жумысын үгит-нәсиятлаў, сырт елли туристлерди кеңнен тартыў мақсетинде «Туризм ҳәм маркетинг», «Реклама ҳәм мәлимлеме агентлиги» бөлимлери иске қосылды.

 

 

Усы жылдың 1 шерегинде 28 стационар ҳәм көшпели көргизбелер шөлкемлестирилди. Ҳәзирги ўақытта COVID-19 пандемиясы себепли карантин дәўиринде онлайн бағдарлама системасы иске қосылды. Музейдиң интернет тармақларындағы бетлеринде бул жерде сақланып атырған экспонатлар ҳаққында мағлыўматлар киргизип барылмақта. Сондай-ақ, тамашагөйлер ушын видеороликлер арқалы музейге виртуал саяхат етиў имканияты жаратылған.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы