Президентимиздиң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы есап-санақлар системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў ҳәм усы тараўда жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен алкоголь ҳәм темеки өнимлери, дәри қураллары, бензин, дизель ҳәм газ жанар майы саўдасы менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлери 2020-жыл 1-январьдан, сондай-ақ, өткен жылдың жуўмағы бойынша жыллық түсими 5 миллиард сумнан асқан ямаса жыл даўамында усы шекленген муғдарға жеткен исбилерменлик субъектлери 2021-жыл 1-январьдан жаңа түрдеги касса аппаратларынан пайдаланыў тәртибине өтиўи белгиленген еди.

Мәмлекетлик салық басқармасы мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында ҳәзирги ўақытта 641 субъектте, атап айтқанда, дәри қуралларын сатыў менен шуғылланатуғын аптекаларда 188, автотранспорт қуралларына жанар май қуйыў шақапшаларында 138, алкоголь өнимлерин сатыў менен шуғылланыўшыларда 279, басқа саўда түрлери менен шуғылланатуғын 36 исбилерменлик субъектлеринде онлайн қадағалаў-касса машиналары пайдаланылмақта.

– Соның менен бирге, қалған барлық исбилерменлик субъектлери 2022-жыл 1-январьдан онлайн қадағалаў-касса машинасы яки виртуал касса менен тәмийинленеди,-дейди басқарманың жәмийетшилик пенен байланыс ҳәм ҳуқықый мәлимлеме секторының баслығы М.Мершиева. – Усы жыл 1-январьдан баслап Қарақалпақстан бойынша 1167 исбилерменлик субъекти онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў тәртибине өтиўи лазым.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары тәрепинен исбилерменлик субъектлери арасында онлайн қадағалаў-касса машиналарынан пайдаланыў тәртибине өтиўдиң абзаллықлары туўралы профилактикалық үгит-нәсият жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.