Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалының қабыллаў квотасы быйыл 20 процентке өсти. Яғный өткен жылы 504 cтудент қабыллаған болса, быйыл 630 орынға алыныўы режелестирилген. Соннан 190 орын мәмлекетлик грант, 440 орын төлемли-контракт ушын ажыратылған.

Быйыл филиалда жаңадан балықшылық қәнигелиги бойынша зоотехния бағдары ашылып, оған 20 студент қабыл етиледи (10 мәмлекетлик грант, 10 төлемли контракт). 17 бағдар бойынша кадрлар таярлаўшы бул жоқары оқыў орнында ҳәр жылы бир орын ушын 15 ке шамалас талабан ҳүжжет тапсыратуғынын есапқа алсақ, ең көп ҳүжжет тапсырылатуғын жоқары оқыў орынлары ишинде филиал бириншиликти қолдан бермей киятыр.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың