Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги Қарақалпақстан Республикасы бойынша фотохабаршысы Мақсет Ҳәбийбуллаевтың сүўретлери тийкарында «Мойнақ: кеше ҳәм бүгин» темасында онлайн көргизбе шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын, соның ишинде, Мойнақ районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, Арал теңизи ақыбетлерин сапластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Район орайындағы заманагөй имаратлар, халықтың дем алыў орайлары ҳәм қыябанлар бой тиклемекте. Электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суў тармақлары жаңадан тартылмақта.  Абаданластырыў жумыслары алып барылып, мийўе ҳәм саяманлы терек, түрли гүл нәллери егилмекте.

 

Қысқа ўақыт аралығында мойнақшылар бир қанша жаңаланыўлардың гүўасы болмақта. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери, спорт объектлериниң жаңа имаратлары  районның көркине-көрк бағышламақта. Бир қатар өндирис орынлары иске түсирилип, район жаслары жаңа жумыс орынлары менен тәмийинленбекте. Бир сөз бенен айтқанда, Мойнақ ҳақыйқый гүллеп-раўажланып атырған мәканға айланбақта.

-Онлайн көргизбе тамашагөйлерде айрықша қызығыўшылық оятпақта,-дейди Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими бас илимий хаткери Ахмет Хожамбергенов.-Фотохабаршы Мойнақта таңның атыўы, күнниң батыўы, енди көгерип шығып киятырған гүллерди, түрли тараўларда пидәкерлик мийнет етип атырған адамларды, улыўма халықтың турмысын шеберлик пенен объективке ала алған. Көргизбени тамаша еткен адам өзин Мойнақта жүргендей сезеди. Солай екен, шебер фотохабаршы менен биргеликте алдағы ўақытлары басқа темаларда да усындай көргизбелер шөлкемлестириў нийетимиз бар.

Бул онлайн көргизбеде автордың Мойнақ районында әмелге асырылып атырған кең көлемли дөретиўишилик ислер, аймақтың өзине тән тәбияты, түрли тараўлардағы өзгерислер процесинен түсирилген 50 ден зыят сүўрети орын алған.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы