«Өзгидромет»тиң мәлим етиўинше, 12-14-май күнлери Өзбекстан аймағына Түркменстан арқалы Иран үстинде қәлиплескен ығал ҳаўа ағымы кирип келеди.

 

12-14-май күнлери республикада ўақты-ўақты менен жаўын жаўады, 13-14-май күнлери айырым орынларға күшли жаўын жаўыўы, шақмақ шағыўы мүмкин.

 

Республиканың айырым районларына буршақ жаўыўы мүмкин.

 

Самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи, 23-28 м/с қа шекем жетиўи мүмкин.

 

12-14-май күнлери республиканың таў алды ҳәм таўлы аймақларында сел болыў қәўпи бар.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.