Ассалаўма әлейкум, қәдирли ўатанласлар!
Ҳүрметли урыс ҳәм мийнет ветеранлары!
Бәринен бурын, Ўатанымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары болған сиз, әзизлерди, сизлердиң тымсалыңызда көп миллетли пүткил халқымызды Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 75 жыллық даңқлы байрамы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Ҳүрметли дослар!
Барлығыңыздың хабарыңыз бар, сизлер менен бирге буннан анық бир жыл алдын пайтахтымыз Ташкент қаласында саўлатлы Жеңис паркин қурыўға қарар еткен едик. Усы қарарымыз тийкарында Өзбекстан халқының урыс майданларында ҳәм фронт артында көрсеткен теңсиз мәртлигин ҳәм жигерин тарийх бетлерине мөрлеў, жас әўладымызды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў мақсети жәмленгени сизлерге жақсы мәлим.
Қудайға мың қәтле шүкир, ел-халқымыздың кеўилиндеги мине усы жақсы нийет қабыл болып, уллы әййям күнлеринде урыс ҳәм мийнет ветеранлары менен Жеңис паркинде ҳәм «көк экран» арқалы көрисип турмыз.
Уллы Жеңистиң 75 жыллығы шарапаты менен қурылған бул тәкирарланбас комплекс қаҳарман халқымызға мүнәсип болып, ҳәм архитектуралық жақтан, ҳәм тарийхый-руўхый жақтан оғада кем ушырасатуғын ҳәм саўлатлы болып бой тикледи.
Мине усы үлкен майданда қысқа мүддетте жүдә үлкен көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Ҳәр тәреплеме пуқта исленген жойбарлар тийкарында Жеңис парки, «Даңқ» музейи, «Мәңги мәртлик», «Төзим-тақат» монументлери қурылды. Халқымыздың қанлы урыслардағы мәртлигин, фронт артындағы машақатлы мийнетин ҳәм пидайылығын сәўлелендириўге бағышланған кең көлемли тарийхый – көркем экспозициялар жаратылды.
Егер ўақыт имканият бергенде еди, олардың ҳәр бири ҳаққында саатлап айтыў мүмкин еди.
Урыс дәўириндеги саўаш майданларын еслететуғын бийиклик үстинде әпсанаға айланған генерал Сабыр Раҳимов сыяқлы әскерий сәркардаларымыз, өзбекстанлы барлық батыр жаўынгерлердиң мәңгилик естелигине атап «Мәңги мәртлик» деп аталған уллы монумент қурылды.
Заманагөй музей көркем өнери ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларының ең алдынғы жетискенликлери тийкарында «Даңқ» музейи қурылды. Бул жерде көрсетилип атырған мыңлаған тарийхый экспонатлар уллы Жеңиске үлкен үлес қосқан халқымыздың теңсиз мәртлигин сөз етиўге, жас әўладымызды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўдай уллы мақсетке хызмет етеди.
Биз бүгин урыс жылларында халқымыз көрсеткен теңсиз қаҳарманлықты улығлайтуғын, өзинде ана ўатан тымсалын жәмлеген «Төзим-тақат тәрийпи» монументине гүл қойып, пидайы ўатанласларымыздың естелигине ҳүрмет көрсеттик. Соны айтып өтиў керек, бул естелик комплексине қандай да бир көркем образ емес, ал турмысымызда ҳақыйқатында да болған тарийхый ўақыя – бир әзиз инсан ҳәм оның шаңарағы ҳаққындағы ҳақықыйқат тийкар етип алынған.
Мен өткен жылы 9-май байрамында Ташкент ўәлаяты, Зәңгиата районындағы Ханабад аўылында жасаған Зулфия Закированың ҳәр қандай адамды да таң қалдыратуғын адамгершилик мәртлиги ҳаққында сөз еткен едим.
Өмирлик жолдасы Холмат аға қайтыс болғаннан соң, Зулфия апа жалғыз өзи бес ул, бир қызды тәрбиялап камалға келтирген. Екинши жер жүзилик урыста Исоқжон, Аҳмаджон, Маҳамаджон, Ваҳобжон, Юсуфжон деген бес азамат улынан айырылған.
Өзиңиз ойлаң, әзиз дослар, ҳәр қандай инсанның да қәддин бүгетуғын бундай аўыр соққыға шыдаў мүмкин бе! Бирақ мәрт, беккем ерк-ықрарға ийе өзбек анасы бул шексиз қайғыға шыдам бере алды.
Урыс себепли Зулфия Закированың төрт келини жесир, бес ақлығы жетип болып қалды. Ана өмириниң ақырына шекем суў келсе – симирип, тас келсе – кемирип, қаҳарман улларының әзиз естелиги менен, келинлери, ақлықларының өмири, елимиздиң тәшўишлери ҳәм қуўанышлары менен жасады.
Зулфия апаның меҳир-ақыбетли келинлери де оннан өрнек алып, оған мәдет болып, барлығы өз ярына, шаңарағына садық қалды – басқа турмыс қурмады.
Мине, бүгинги орталығымызда Зулфия апа Закированың туўысқанлары – ҳүрметли Раҳимжон Аҳмаджонов, Фарход Маҳамаджонов, Маърифат Аҳмаджонова, Саноат Маҳмудова, Мавлюда Холматова қатнаспақта. Басларына түскен аўыр қыйыншылықларды мәртлик пенен жеңип, Зулфия апа ҳәм аталарының естелигин пәк сақлап, елимизге шын кеўилден хызмет етип киятырған бул ўатанласларымызға барлығымыздың атымыздан терең миннетдаршылық билдириўге руқсат еткейсиз.
Мен өткен жылғы байрамда өзбек ҳаяллары, өзбек халқының мине усындай уллы мәртлиги, сабыр-шыдамына бағышлап, «Төзим-тақат тәрийпи» деген монумент қурыўды усыныс еткен едим. Кең жәмийетшилигимиз, халқымыз бул басламаны қызғын қоллап-қуўатлады.
Бул темада дөретиўшилеримиз көплеген мақалалар, қосық ҳәм дәстанлар жаратпақта.
Бул ҳаққында сөз еткенде, мен «Өзбеккино» миллий агентлиги тәрепинен жаратылған «Илхақ» көркем фильмине айрықша тоқтап өтпекшимен. Қәбилетли жас режиссёр Жаҳонгир Аҳмедов түсирген бул әжайып фильмди мен кеше үлкен толықынланыў ҳәм қызығыўшылық пенен тамаша еттим. Халқымыз турмысының ең аўыр, ең қайғылы дәўирине бағышланған бул шығарма тийкарынан қаҳарманлық жыры болып, ҳәр қандай адамның да кеўлин қабартады.
Қорқынышлы урыс себепли бес баҳадыр улынан айырылған, өмириниң ақырына шекем перзентлерининиң жолына айдай қарап, яғный интизар болып күткен Зулфия Закирова тымсалында өзбек аналарына, өзбек ҳаялларына тийисли ең уллы пазыйлетлер оғада терең билдирилген. Биз бул көркем гөззал шығарманы бүгинги уллы байрам күнинде барлық телеканлларымыз арқалы кеңнен көрсетиўге қарар еттик.
Пурсаттан пайдаланып, мен пүткил халқымызды, әсиресе, жасларымызды мине усы фильмди шаңарақ орталығында көриўге, оның қаҳарманларынан өрнек алыўға шақыраман.
Жеңис паркиниң орайында «Төзим-тақат тәрийпи» деп аталған саўлатлы естелик барлық Өзбекстан аналарына қойылған естелик болып, ана Ўатан белгиси болып бой тиклегенин үлкен мақтаныш пенен айтып өтпекшимен. Сөзсиз, бул естелик пүткил халқымыз, әсиресе жасларымыз ушын қутлы зыярат орнына, шаңарақ муҳаббат, опадарлық ҳәм садықлық деген муқаддес түсиниклер тымсалына айланып қалады.
Бул жерге қәдем қойған ҳәр бир жигит-қыз миллетимиздиң қанында, сүйегинде болған аз ушырасатуғын пазыйлетлерди қәстерлеп сақлап, қәдирлеп жасаў ушын мине усындай уллы инсанлардан тәрбия ҳәм ибрат алады, деп исенемен.
Айтып өтиў орынлы, қысқа ўақыт ишинде, әсиресе, карантин шараятында Жеңис парки деп аталған бул үлкен комплексти қурыў аңсат болған жоқ. Бирақ, барлық қыйыншылықларға қарамай, шебер қурыўшы ҳәм архитекторларымыз, инженерлер, ҳәр түрли тараў қәнигелери, сүўретши ҳәм мүсиншилер, азамат жасларымыз бул ўазыйпаны өзлери ушын саўаплы бир жумыс деп билип, күни-түн пидайы мийнет етти. Халқымыздың дөретиўшилик потенциалы менен бул тәкирарланбас комплекс 9-май байрамына қурып питкерилди.
Пурсаттан пайдаланып, усы оғада ийгиликли иске шын жүректен үлес қосқан барлық инсанларға өзимниң атымнан, ел-халқымыздың атынан терең миннетдаршылық билдиремен.
Жеңис парки, Еслеў, Қәдир-қымбат парки ҳәммемизге, пүткил халқымызға қутлы болсын!
Әзиз ветеранлар!
Бүгинги қутлы әййямда барлығымыз, бәринен бурын, өз жанын ана Ўатан ушын қурбан еткен ўатанласларымыздың руўхы алдында бас ийип тәжим етемиз. Сизлер сыяқлы мыңлаған урыс ҳәм мийнет фронты қатнасыўшыларын – күш-ғайратлы, мәрт ата-бабаларымыз, сабырлы аналарымыз, апаларымыздың атларын ҳүрмет пенен тилге аламыз.
Тилекке қарсы, карантин себепли сизлердиң барлығыңызды бул гөззал орынға, бүгинги салтанатлы мәресимге алып келе алмадық. Бирақ, мине усындай муқаддес ҳәм қуўанышлы күнде ҳәммемиз руўхый, кеўлимизден сизлер менен биргемиз.
Урыс ҳәм мийнет ветеранларының айырымлары ҳәзир ўәлаятларда, әскерий округлерде, басқалары болса өз үйлеринде шаңарақ ағзалары менен 9-май байрамын белгилемекте. Олар «көк экран» арқалы бүгинги салтанатлы мәресимди тиккелей бақлап бармақта.
Сизлердиң ҳәммеңизди – орайда ҳәм орынлардағы байрам илажларында қатнасып атырған, сондай-ақ, бул салатанлы мәресимди үйлеринде «көк экран» арқалы тамаша етип атырған, мениң қутлықлаў сөзлеримди тыңлап атырған пидайы инсанларды уллы әййям менен және бир мәрте қутлықлап, өзимниң жоқары ҳүрмет-иззетимди билдиремен. Сиз, әзизлердиң барлығыңызды қыялымда қушағыма басып, бүгинги еркин ҳәм азат турмысты тәмийинлеў жолында көрсеткен мәртлигиңиз, ўатанға садықлығыңыз ушын өзимниң атымнан, халқымыздың атынан рахметлер айтып, ең жақсы ҳәм шын жүректен шыққан тилеклеримди тилеймен.
Биз сизлердиң тымсалыңызда өзиниң дана мәсләҳәтлери, бай турмыслық тәжирийбеси менен ҳәммемизге устаз ҳәм пәтия берип жүрген қәдирли инсанларды көремиз. Сизлердиң ҳәр бириңиз бенен ҳақылы түрде мақтанамыз. Турмыс жолларында ушырасып атырған ҳәр қыйлы қыйыншылықларды ҳәм машқалаларды, ҳәзирги күнде басымызға түскен сынақларды жеңип өтиўде биз сизлердиң теңсиз мәртлигиңизден, ҳәр дайым күш ҳәм ибрат аламыз. Жас әўладымызды ўатанға, халыққа садық, батыр инсанлар етип тәрбиялаўда биз сизлерди ҳәмийше өрнек деп билемиз ҳәм келешекте де сондай болып қалады.
Жанажан Ўатанымыздың берекет периштеси болған сиз, әзизлерге турақлы итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиў ушын буннан былай да шын кеўилден хызмет етемиз.
Ҳүрметли ўатанласлар!
Бүгин Жеңис байрамының 75 жыллығын белгилер екенбиз, халқымыздың урыс жылларында көрсеткен қаҳарманлығы ҳаққында тәкирар ҳәм тәкирар ойлаўымыз әлбетте тәбийғый болып есапланады.
Мен бурынғы шығып сөйлеўлеримде халқымыздың уллы Жеңиске қосқан үлеси еле толық үйренилмегени ҳаққында айтып, жәмийетшилигимиздиң итибарын усы мәселеге қаратқан едим. Бүгин қанаатланыўшылық пенен айтпақшыман, кейинги жыллары бул бағдарда жүдә үлкен жумысларды әмелге асырдық.
Бәринен бурын, бурын жабық болған архив ҳүжжетлерин илимий жәмийетшилик ушын белгили болмаған материалларды үйрениў ушын имканият жаратылды. Бул бойынша бурынғы аўқам республикаларындағы ҳәм сырт еллердеги архив шөлкемлери, музейлер ҳәм қорлар менен, тарийхшы илимпазлар ҳәм қәнигелер, кең жәмийетшилик пенен бирге ислесиў күшейтилди.
Мине усындай илимий излениўлер нәтийжесинде халқымыздың Екинши жер жүзилик урыстағы қатнасқаны ҳаққында, қаҳарман ата-бабаларымыз ҳаққында оғада әҳмийетли жаңа мағлыўматларға ийе болдық. Ҳәзирги ўақытта олар ғалаба хабар қуралларында, китап ҳәм альбомларда кеңнен жарытылмақта.
Екинши жер жүзилик урыс жылларындағы тарийхымызды үйрениўде тийкарғы мәниде жаңа дәўир басланды, деп айтыўға бүгин барлық тийкарларымыз бар. Мәселен, мине усы ўақытқа шекем елимиз халқы 6 миллин 551 мың адамды қураған ҳәм олардың 1 миллион 500 мыңға шамаласы урыста қатнасқан деп есапланатуғын еди.
Жаңадан табылған мағлыўматларға бола, Өзбекстаннан 1 миллион 951 мыңға шамалас адам урысқа тартылғаны анықланды. Демек, ҳәр үш өзбекстанлыдан биреўи қолына қурал алып фашизмге қарсы урысқан.
Аяўсыз урысларда мәртлерше қатнасқан дерлик 451 мың ўатанласымыздың атлары ҳәм тәғдири сонша жыллар даўамында итибардан шетте қалып келгенин әлбетте әдилликтен, деп болмайды.
Сондай-ақ, сол дәўирде «қулақ» сыпатында басқа үлкелерге сүрген етилген 59 мыңнан аслам ўатанласымыз да ҳәрекеттеги армияға жиберилгени мәлим болды.
Усы бойынша және айырым санларды келтирмекшимен: бурын 396 мың Өзбекстан пуқарасы урыста қурбан болған, деп айтылатуғын еди. Негизинде бул сан 538 мыңнан аслам болған.
Буннан тысқары, фронтта бийдәрек жоғалғанлар ҳаққында мағлыўматлар да толық емес еди. Ҳәзирги ўақытта 158 мыңнан аслам ўатанласымыз урыста бийдәрек кеткени анықланды.
Мине, қорқынышлы урыста халқымыз қандай аўыр жоғалтыўларға ҳәм апатларға ушыраған, қандай азап-ақыретлерди басынан өткерген!
Алып барылған илимий-изертлеўлер нәтийжесинде жаўынгерлик орденлер ҳәм медальлар менен сыйлықланған Өзбекстан ўәкиллериниң саны бойынша да анықлық киргизилген. Усы ўақытқа шекем бул көрсеткиш 120 мың деп атап өтилетуғын еди. Жаңа мағлыўматларға тийкарланып 200 мыңнан аслам әскер ҳәм офицерлеримиз жаўынгерлик мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланғаны анықланды. Соның ишинде, бурын 280 деп есаплап келинген өзбекстанлы Совет аўқамы Қаҳарманларының саны 301 екени, 70 ўатанласымыз үш дәрежели Слава орденине миясар болғаны ҳүжжетлер арқалы өз тастыйығын тапты.
Мен мине усындай бийбаҳа ҳақыйқатты жүзеге шығарып, әдилликти қарар таптырыўға үлкен үлес қосқан тарийхшы илимпазларымызға, илимий ҳәм дөретиўши зыялыларымызға үлкен рахметлер айтаман. Ҳәзирги ўақытта оларды бул бағдардағы изленислерди даўам еттириўге, мине усы Жеңис бағындағы «Даңқ» музейин турақлы түрде жаңа мағлыўматлар менен байытып барыўға шақыраман.
Ата-бабаларымыздың мәртлигин терең үйрениў ҳәм келешектеги әўладларға жеткериў мақсетинде жаңа тарийхый мағлыўматлар тийкарында ҳәр жылы 9-май алдында айрықша китап таярлап басып шығарсақ, мақсетке муўапық болады деп ойлайман.
Жалынлы урыс жылларында пүткил Өзбекстан халқы «Ҳәмме нәрсе –фронт ушын», «Ҳәмме нәрсе – Жеңис ушын!» деген турмыслық исеним менен жасады. Елимиз фронт артындағы беккем тәмийнат базасына айланды, Өзбекстан халқы урыс майданларына үлкен муғдарда қурал-жарақ, азық-аўқат, кийим-кеншек, дәри-дәрмақ ҳәм басқа да зәрүр өнимлерди жеткерип берди. Көп миллетли халқымыздың пидайы мийнети менен республикамыздағы 300 ге шамалас кәрханада әскерий өнимлер ислеп шығарылды. Сол дәўирде фронт аймақларынан елимизге 151 завод көширип келтирилди ҳәм оғада қысқа ўақыт ишинде иске қосылды. Мың-мыңлаған урыс қатнасыўшылары елимизде шөлкемлестирилген әскерий госпиталларда епленип шыпа тапты.
Жаңа анықланған мағлыўматларға муўапық, урыс ошағына айланған үлкелерден Өзбекстанға 1 миллион 500 мың адам, атап айтқанда, 250 мыңнан аслам бала эвакуация етилди. Халқымыз бул адамлардың барлығына ҳақыйқый меҳир ҳәм итибар көрсетти, соңғы тислем нанын да олар менен тең көрип, жоқары адамгершилик пазыйлетлерин көрсетти.
Әзиз дослар!
Инсаният тарийхындағы ең қорқынышлы қырғын – Екинши жер жүзилик урыстың тамамланғанына 75 жыл толған болса-да, тилекке қарсы, жер жүзиниң түрли мүйешлеринде, соның ишинде, регионымызға жақын аймақларда қарама-қарсылық, қанлы соқылығысыўлар даўам етпекте. Сонлықтан биз ҳәмийше сергек ҳәм қырағы болыўымыз, ғәрезсизлигимизди беккемлеп, Ўатанамыздың қүдиретин, Қураллы Күшлеримиздиң потенциалын буннан былай да арттырыўымыз зәрүр.
Бүгин биз сизлер менен биргеликте жаңа Өзбекстанды қурмақтамыз. Жаңа өмир, теңсиз өзгерислер ҳәммемизден пидайылықты ҳәм дөретиўшиликти буннан былай да мобилизациялаўды талап етпекте. Бул процессте тынышлықты сақлаў, дүнья жәмийетшилиги, бәринен бурын қоңсы мәмлекетлер менен дослықты ҳәм бирге ислесиўди күшейтиўди биз ең әҳмийетли ўазыйпамыз деп билемиз.
Бүгинги уллы әййямда фашизмге қарсы гүреске мүнәсип үлес қосқан туўысқан халықларды, барлық жақсы нийетли инсанларды шын жүректен қутлықлап, оларға тынышлық, раўажланыў ҳәм абаданлық тилеймиз.
Қаҳарман ата-бабаларымыздың мәртлигине садық болған уллы халқымыз тыныш ҳәм абадан турмысты қәдирлеп, оны және де беккемлеў жолында бар күш ҳәм имканиятларын жумсайтуғынына исенемен.
Әзиз ҳәм қәдирли ўатанласлар!
Бәршеңизди және бир мәрте уллы Жеңистиң 75 жыллық байрамы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен шын жүректен қутлықлайман.
Мине усындай ашық аспан, еркин ҳәм азат турмыс ушын гүреслерде жеңип шыққан ветеранларымызға алғыслар болсын!
Мәрт ҳәм жигерли халқымыз ҳәмийше аман болсын!
Жеңис байрамы барлығымызға қутлы болсын!