Билимлендириў ҳәм илимниң раўажланыў дәрежеси бүгинги күндеги жәмийетлик раўажланыўдың тийкарғы көрсеткишлеринен бири болып есапланады. Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған мүрәжатында «Илим жоқ жерде қалақлық, жаўызлық ҳәм әлбетте, дурыс жолдан адасыў болады», – деп айрықша атап өткени бийкарға емес. Себеби, ҳәр қандай тараўдың раўажланыўы, инсан ақыл-ойының байыўы тийкарында әлбетте илим болады.

Усы жылдың елимизде «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп аталыўы ҳәм усы жылда илимниң математика, химия-биология, геология сыяқлы бағдарларында фундаменталлық, әмелий изертлеўлер жеделлестирилип, илимпазларға барлық шараятлардың жаратылыўына үлкен итибар қаратылып атырғаны мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўында илим, билимлендириў системасының орны улыўма тәкирарланбас екенин аңлатады. Илим бағдарларына бундай итибар келешекте өз нәтийжесин бериўи гүмансыз болып есапланады.

Мәмлекетимизде математика пәниниң раўажланыўында Президентимиздиң 2019-жыл 9-июльдеги «Математика тәлимин ҳәм пәнлерин жәнеде раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының В.И.Романовский атындағы математика институтының жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары оғада үлкен әҳмийетке ийе болды.

Усы жылдың 7-май күни болса Президентимиздиң «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Усы қарар мәмлекетимизде билимлендириўдиң барлық тараўларында математика пәни сабақларының, усы пәнге байланыслы әдебиятлар сапасының артыўына, математика пәнине қызығатуғын жаслардың көбейиўине, талантлы жасларды селекция етиў механизмин шөлкемлестирип, оларды қәнигелестирилген мектеплерге, соңынан жоқары билимлендириў мәкемелерине, илимий мектеплерге қамтып алыў мәселелерин нәтийжели шешиўге имканият береди. Буннан тысқары, ҳәр бир билимлендириў бағдарларына тийисли шөлкемлер ҳәм илимий мәкемелер арасындағы тығыз бирге ислесиўди тәмийинлейтуғын бир пүтин система қәлиплестирилип, математика пәни бойынша фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлер, жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў институтларының жумысы ҳәм илимий кадрлар таярлаў нәтийжелилигин артады. Дүньяның жетекши илимий орайлары ҳәм университетлери менен халықаралық илимий-техникалық бирге ислесиўлер раўажланады. Басқа пәнлер бағдарларының раўажланыўына тәсир етеди. Илим, экономика тармақлары ҳәм өндиристиң интеграциясы беккемленеди. Өндирис тараўларын жоқары тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў процесиниң нәтийжелилиги артады.

Математика пәнин үйренип атырған жасларда логикалық пикирлеў раўажланады, инсанды тәртипке үйретип, жумыстың ҳәр түрли тараўларында пайда болатуғын қурамалы мәселелерди түсиниў ушын зәрүр болатуғын түсиниклер ҳәм олар арасындағы байланысларды көре алыў және таллаў белгилери қәлиплеседи, келешекте экономиканың қәлеген тармағында тәжирийбели кадр болып жетилисиўине жәрдем береди.

Усы қарарда математика пәнине қызығатуғын, талантлы жасларды анықлаў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў мәселесине итибар қаратылған. Оны әмелге асырыў ушын жаслардың математика пәни бойынша жергиликли пән олимпиадалары жоқары дәрежеде шөлкемлестириледи  ҳәм нәтийжеде талантлы жаслардың халықаралық пән олимпиадаларында табыслы қатнасыўы ҳәм сыйлы орынларды ийелеўи тәмийинленеди . Математика  пәнинен билим бериўдиң онлайн платформасы жаратылады ҳәм әмелиятқа енгизилип, аралықтан турып оқытыў системасының нәтийжелилиги арттырылады, баҳалаў системасының ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын мехинизмлер енгизиледи. Ҳәр бир районда (қалада) математика пәнин тереңлетип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплер басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи.

Жоқары билимлендириў мәкемелеринде математика бойынша билим, тәжирийбе ҳәм көникпелер талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары ҳәм қәнигеликлериниң оқыў режелеринде математика пәни ушын ажыратылған саатлардың көлеми көбейип, кадрлар тутыныўшыларының қәнигелерин тартқан ҳалда питкериўшилерде тараўға байланыслы математика  бойынша әмелий билим, тәжирийбе ҳәм көникпелерди қәлиплестириў ҳәм раўажландырыўға қаратылған жойбар жумыслары әмелге асырылады.

Фундаменталлық тараўдағы изертлеў, жаслар арасындағы изертлеў ҳәм экономиканың реал сектордағы машқаланың шешимин тәмийинлеген изертлеў бағдарлары бойынша математика тараўындағы фундаменталлық ҳәм илимий-әмелий излениўлердиң нәтийжелерине бола әмелияттағы турақлы машқаланың шешими бойынша усыныс билдирген илимпазлар ушын Өзбекстан Республикасы президентиниң Муҳаммад Ал-Хорезмий атындағы халықаралық сыйлығы шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде математика пәниниң бир неше бағдары бойынша белгили илимпазлар ҳәм олардың басшылығындағы илимий мектеплер бар. Бул илимий мектеплердеги илимпазлар уллы ата-бабаларымыз қалдырған бай мийрас ҳәм дәстүрлерди даўам еттирип, математика пәниниң раўажланыўына үлкен үлес қоспақта.

Жуўмақлап айтқанда, ҳүрметли Президентимиздиң «Математика тараўындағы билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тек математика пәниниң раўажланыўын белгилемейди, ал барлық билимлендириў тараўларының математикалық анықлық тийкарында раўажланыўына тийкар жаратады. Узақ келешекти гөзлеп қабыл етилген бул қарар мәмлекетимизде илимди ҳәр тәреплеме терең раўажландырыўға хызмет ететуғыны гүмансыз.

 

М.М.Ибрагимов,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, Мәденият ҳәм спорт

мәселелери комитетиниң ағзасы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.