Президенттиң «Математика тараўындағы билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, ҳәр бир район ҳәм қалада математика пәнин тереңлестирип оқытыўға қәнигелестирилген мектеплер басқышпа-басқыш шөлкемлестириледи.

 

Қәнигелестирилген мектеплердиң мектеп директоры тийисли район ямаса қала ҳәкиминиң экономикалық ҳәм басқарыў процеслерине математикалық усыллар және модельлерди енгизиў мәселелери бойынша кеңесгөйи болады.

 

Математика пәни тереңлестирилип оқытылатуғын класслар басқышпа-басқыш, зәрүр талап ҳәм оқыўшылардың қәбилетинен келип шыға отырып шөлкемлестириледи.

 

Қәнигелестирилген мектеплерге оқыўшылар белгиленген тәртипте таңлаў тийкарында сайлап алынады.

 

Математика пәни тереңлестирилип оқытылатуғын класс питкериўшилери тийисли жоқары оқыў орынларының математика билимлендириў бағдарларына олар ушын белгиленген мақсетли параметрлер бойынша оқыўға қабыл етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.