Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен урыста қайтыс болғанлар есленип, урыс қатнасыўшыларына ҳүрмет көрсетилмекте. Урыста халқымыздың көрсеткен қаҳарманлығын улығлаў, қайтыс болғанларды еслеў, олардың мәртлигин үгит-нәсиятлаў жас әўладты бүгинги тыныш өмирдиң қәдирине жететуғын инсанлар етип кәмалға келтириўде оғада әҳмийетли. Мәмлекетимиз тәрепинен Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңисти мүнәсип белгилеў, урыс қатнасыўшыларын ҳүрмет-иззетке бөлеў, қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў бойынша әмелге асырылып атырған илажларда усындай мақсет жәмленген.

Жақында Тақыятас районында «Ата-бабаларымыздың қаҳарманлығы мәңги жасайды!» сүрени астында 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен Тақыятас районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен фронт артында мийнет еткен нуранийлардың ҳалынан хабар алынып, оларға медальлар менен естелик саўғалары тапсырылды.

Бөлимнен келген ўәкиллер урыста ерисилген жеңис тек әскерлердиң ғана емес, ал, фронт артында мийнет еткен мыңлаған инсанлардың да аўыр мийнетиниң нәтийжеси екенлигин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.