Усы жылдың 7-май күни саат 20:10 ларда Беруний районындағы «Алтынсай» МПЖ аймағынан өткен ишки автомобиль жолында транспорт басқарыўшысы 1972-жылы туўылған М.А. «Нексия» маркалы транспорт қуралын жоқары тезликте басқарып баратырып, руль басқарыўын жоғалтып, қарама-қарсы жөнелиске шығып кеткен. Ақыбетинде қарсы алдынан өз жөнелисинде ҳәрекетленип киятырған транспорт басқарыўшысы 1990-жылы туўылған Ш.Н. басқарыўындағы «Исузу» маркалы автобус пенен соқлығысқан.

 

Ўақыя ақыбетинде «Нексия» маркалы транспорт қуралының басқарыўшысы 48 жаслы М.А. аўыр дене жарақатын алып, ўақыя орнында қайтыс болған. Усы автомобиль жолаўшылары болған 1976-жылы туўылған М.У., 1976-жылы туўылған Р.М. және «Исузу» маркалы автобус жолаўшысы 1997-жылы туўылған М.Р. дене жарақатын алып, емлеўханаға жатқарылған. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ ЖҲҚББ хабар берди.

 

Бул ЖТҲ бойынша Беруний районлық ИИБ Тергеў басқармасы тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.