Республикалық арнаўлы комиссия айрым пуқаралар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары және жасыүлкен нураныйларымызды усы байрам мүнәсибети менен қутлықлаў ҳәм олардың ҳал-жағдайынан хабар алыў бойынша берилип атырған көплеген сораўлар бойынша төмендегилерди мәлим етеди:

 

Ҳәзирги ўақытта Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза ҳәм басқа көплеген сырт еллер тәрепинен 9-май күнги байрам илажларын өткериўде пуқаралардың жәмийетлик орынларда топланыўы бойынша қатаң шеклеўлер қолланылып атырғаны, сондай-ақ, Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми және Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына тийкарланып коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жасыүлкенлерде аўыр өтиўин есапқа алған ҳалда:

 

– аймақларды «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» категорияларға ажыратқан ҳалда дифференциалластырылған карантин шеклеўлерине қарамастан:

 

– барлық аймақларда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде ғалабалық илажларды өткериў және Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм жасыүлкен нураныйлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ және бәршемиз ушын уллы болған усы байрамды тек ғана шаңарақ ағзалары менен бирге үйинде белгилеўи усыныс етиледи.

 

Атап өтиў керек, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын байрам мүнәсибети менен қутлықлаў ҳәм хошаметлеў илажлары санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

 

Соның менен бирге, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде жәмийетлик орынларда ҳәрекетлениўде, саўда дүканлары ҳәм басқа орынларда 2 метрлик социаллық аралықты сақлаў, сондай-ақ, үш адамнан көп болған адамлардың топланыўы бойынша талаплар сақланып қалынғаны, усы талапларды бузғаны ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.