ҚАЙЫРҚОМЛЫҚ

Қанлыкөл районындағы «Kanteks Invest»  жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң атқарыўшы директоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги O’zLiDeP фракциясының ағзасы Қуўандық Ешмуратов кем тәмийинленген 160 шаңараққа 11 түрдеги азық-аўқат өнимлерин жеткерип берди.

Пүткил дүнья халықларын тәшўишке салып атырған коронавирус инфекциясының тарқалыўы тек инсан саламатлығына емес, ал, бир қатар еллердиң экономикасына да кери тәсирин тийгизбекте. Президентимиздиң усы жыл 27-апрельдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде халықты ҳәм исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманы, ең дәслеп, елимизде саўаплы ислерди әмелге асырыў жолында хызмет етип атырған сақаўатлы исбилерменлеримиздиң қатарын көбейтип,  халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына, майыплығы болған шахсларға, бағыўшысынан айрылған пуқараларға жәрдем бериўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етпекте.  Әсиресе, елимиз басшысының басламасы менен «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўмахалықлық ҳәрекетиниң енгизилиўи, халықтың турмыс абаданлығының жақсыланыўына қаратылыўы менен әҳмийетли болмақта.

Бундай ийгиликли мақсетлердиң муқаддес Рамазан айында әмелге асырылыўында үлкен мәни бар. Сонлықтанда партия электораты ўәкиллери депутатлар менен белсендилер өзлериниң имканиятларынан келип шыққан ҳалда  ҳәрекет даўамында қайырқомлық илажларын әмелге асырмақта. Депутат «Қанлыкөл», «Қосжап» аўыллық ҳәм «Жәйҳун» мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында жасаўшы кем тәмийинленген 160 шаңарақты үш ай даўамында қәўендерликке алды.

Бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.