Республикалық арнаўлы комиссия айрым пуқаралар ҳәм жәмийетлик шөлкемлер тәрепинен 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм жасыүлкен нураныйларымызды усы байрам мүнәсибети менен қутлықлаў және олардың ҳал-жағдайынан хабар алыў бойынша берилип атырған көплеген сораўлар бойынша төмендегилерди мәлим етеди:

 

Ҳәзирги ўақытта Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза ҳәм басқа көплеген сырт еллер тәрепинен 9-май күни байрам илажларын өткериўде пуқаралардың жәмийетлик орынларда топланыўы бойынша қатаң шеклеўлер қолланылып атырғаны, сондай-ақ, Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми және Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мағлыўматларына тийкарланып коронавирус инфекциясы менен наўқасланыў жасыүлкенлерде аўыр өтиўин есапқа алып:

 

– аймақларды «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» категорияларға ажыратқан ҳалда дифференциалластырылған карантин шеклеўлерине қарамастан:

 

– барлық аймақларда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күнинде ғалабалық илажларды өткериў және Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм жасыүлкен нураныйлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў ҚАДАҒАН ЕТИЛЕДИ ҳәм бәршемиз ушын усы байрамды тек ғана шаңарақ ағзалары менен бирге белгилеў усыныс етиледи.

 

Атап өтиў керек, Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларын байрам мүнәсибети менен қутлықлаў ҳәм хошаметлеў илажлары санитариялық талапларға әмел еткен ҳалда мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылыўы тәмийинленеди.

 

Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде жәмийетлик орынларда ҳәрекетлениўде, саўда дүканлары ҳәм басқа орынларда 2 метрлик социаллық аралықты сақлаў, соның менен бирге, үш адамнан көп адамлардың топланыўы бойынша талаплар сақланып қалғанлығы, усы талапларды бузғаны ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыўға себеп болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.