Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, 2020-жыл 8-май күни саат 09:00 жағдайы бойынша Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясынан емленип атырған наўқаслар 10 адамды қурамақта.

 

Кеше, 7-май күни саат 22:00 жағдайы бойынша наўқасланғанлардың саны 8 адам екенлиги ҳаққында хабар берген едик.

 

Наўқасланған адамлардың барлығы Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

 

Мағлыўмат ушын, усы күнге шекем Қарақалпақстанда коронавирус инфекциясына шалынған адамлар 111 адамды қураған болып, олардан 101 адам саўалып шыққан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.