Ибрайым ЮСУПОВ

ХАЛҚАБАДТАН ҚАНША АДАМ

КЕЛМЕДИ…

 Олар даңқлы жеңис күнин көрмеди…

Уллы Москва ҳәм кирттай Халқабад,—

Бир елден жигирма миллион азамат

Жан берди, Ўатанын жаўға бермеди.

Айтып берер едим ҳәзир атма ат,

Халқабадтан қанша адам келмеди.

 

 

Қайтқан – қайтпағаны ҳәммеси батыр,

Ҳәр бири Рустемдей дәстанға татыр.

Беларусь жеринде ме,

Днепр бойында ма,

Кай жерде мәңгилик уйқыда жатыр?

Олар жығылса да алға өрледи.

Жанын берди,

Елин жаўға бермеди,

Кегейлиден қанша азамат кетип,

Халкабадтан қанша жигит келмеди.

 

 

Кимге перзент, кимге сүйген яр ма екен,

Қурбан бермеген үй табылармекен?

Алыстағы урыстың азабын тартпай,

Баўыры пүтин қалған адам бармекен?

Қанлы урыстың аўыр зардабы өтип,

Үй барма сынбаған ығбал шөлмеги?

Шымбайдан қаншама жигитлер кетип,

Халқабадтан қанша адам келмеди!

 

 

Уйықлаңлар! Батырлық жулдызларыңыз

Ўатан жүрегинде, төсинде сақлар.

Сиз бахтын қорғаған әўладларыңыз

Дунья турғаншелли есинде сақлар.

Хожелиден қанша жигитлер кетип,

Төрткүлге қаншама мәртлер келмейди.

Олардың руўҳын ел таўап етип,

Олар мәңги уйқылар, бирақ өлмейди.

8-май, 1975-жыл.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги