1981-жылы «Өзбекфильм» киностудиясы тәрепинен Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың «Қарақалпақ қызы» романы тийкарында «Қайсар қыз» («Непокорная») фильми сүўретке түсирилди.

Фильм режиссёры Анатолий Кабулов, сценарий авторлары Григорий Марьяновский ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов, оператор Даврон Абдуллаев болған бул фильмдеги ўақыялар 1925-жылы қарақалпақ аўылларының биринде жаслық гөззаллығы менен Турымбетти ышқы отында жаққан Жумагүл арасындағы муҳаббат сезимлери менен басланады. Олар жасаған дәўирде совет ҳүкимети орнап атырған болып, оларға қарсы баспашылар ҳәрекетлери де күшейген еди. Жаслардың бахыт тойынан соң Жумагүл ҳәм Турымбеттиң арасында шаңарақлық келиспеўшиликлер болып, Жумагүл үйинен кетиўге мәжбүр болады. Ал Турымбет болса революциялық өзгерислерди түсинбей, баспашылар менен биригип кетеди.

Фильмде Жумагүл ролин Тамара Шакирова, Дүсенбай ролин – Наби Рахимов, Турымбет ролин – Карим Мирходиев, Гүлбийке ролин – Сулыў Алламуратова, Емберген ролин – Азат Шарипов, Хожанияз ролин – Шамурат Өтемуратов, Зәрипбай ролин – Қуўатбай Әбдиреймов, Қутымбай ролин – Рейимбай Сейитов, Бийбигүл ролин – Умида Қәлимбетова, Сәнем ролин – Шийрин Азизова, Баймурат ролин – Досберген Ранов шеберлик пенен атқарып шыққан.

Тарийхый фильм жанрында исленген «Қайсар қыз» фильминиң премьерасы 1982-жылы Москва қаласында болып өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Төменде усы фильмди «YouTube» тармағы арқалы тамаша етиўиңиз мүмкин.

https://youtu.be/aFevCEHo8Gw