9-май күни Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығына арналып Өзбекстандағы телеканалларда жаңа әскерий-тарийхый фильмлер эфирге узатылады. Бул ҳаққында «Өзбеккино» МА хабар берди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 23-октябрьдеги «Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығын мүнәсип түрде белгилеў ҳаққында»ғы қарары тийкарында, «Өзбеккино» МА фашизмге қарсы гүресте қаҳарманлық көрсеткен жерлеслеримиз ҳаққында көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлер жаратты.
9-май қарсаңында ҳүкиметлик қоллап-қуўатлаў менен «Өзбеккино» МА ҳәм дөретиўшилик топарлар «Илҳақ» көркем-тарийхый фильми (режиссёры Жаҳонгир Аҳмедов), «Халқ жасорати» ҳүжжетли кинохроникасы (режиссёры Али Ҳамраев) ҳәм «101» көркем фильми (режиссёры Ҳамидулла Ҳасанов) бойынша жумысларды жуўмағына жеткерди.
Фильмлер 9-май күни Өзбекстандағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларда эфирге узатылады ҳәм «Еслеў ҳәм қәдирлеў күни»не мүнәсип саўға болады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.