Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-май күни Иран Ислам Республикасы Президенти Ҳасан Руҳоний менен телефон арқалы сөйлести.
Сөйлесиў алдында мәмлекет басшылары мубәрек Рамазан айы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар алмасып, бир-бирлери ҳәм дос халықларымызға коронавирустың глобаллық көлемде тарқалыўына байланыслы бүгинги қыйын дәўирде беккем денсаўлық ҳәм абаданлық тиледи.
Еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери, соның ишинде, саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларындағы әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды.
Президентлер пандемияның саўда әмелиятлары, экономиканың түрли тармақларында әмелге асырылып атырған кооперация жойбарлары, экспорт-импорт жүклериниң транзит тасыўлары ушын унамсыз ақыбетлерин азайтыў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм уйымларға видеоконференциялар өткерип барыўды даўам еттириўди тапсырды.
Коронавирусқа қарсы гүресиўде ҳәрекетлерди муўапықластырыў ҳәм тығыз бирге ислесиўге, соның ишинде, усы қәўипли кеселликти профилактика етиў ҳәм емлеў, сондай-ақ, халық ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаўға байланыслы биринши гезектеги илажлар бойынша мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.
Сөйлесиўде халықаралық бирге ислесиўге байланыслы бир қатар мәселелер көрип шығылды.
ӨзА