Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-апрельдеги 17-санлы жыйналыс протоколының 1-қосымшасы, 4-бәнтине муўапық:

 

– жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилер өзлериниң дизимге алынған ҳәкимшилик аймағы шеңберинде жолаўшыларсыз, тек ғана жеткерип бериў хызметин көрсетиўи мүмкин. Сондай-ақ, адам өмирине қәўип туўдыратуғын жағдайларда ҳәм кешиктириўге болмайтуғын медициналық емлеў алып атырған наўқас жолаўшыларды тасыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.