Бул ҳаққында «Казинформ» мәлимлеме агентлигине Қазақстан Сыртқы ислер министрлигиниң рәсмий ўәкили Айбек Смадияров хабар берген.

Буннан алдын Қазақстан ҳәм Өзбекстанның бир қатар ғалаба хабар қуралларында «Қазақстан Экология, геология ҳәм тәбийғый ресурслар министрлиги өзбекстанлы кәсиплеслерине Өзбекстан тәрепинен трансшегаралық суўларда қурылған гидротехникалық сооружениелер ҳаққында толық мағлыўмат бериўди сорап рәсмий хат жоллайды», – деген мазмундағы хабарлар тарқалған еди.

Мағлыўмат ушын, 2020-жыл 2-май күни Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери телефон арқалы сөйлесиў ўақтында Сардоба суў сақлағышындағы айрықша жағдай менен байланыслы болған жағдайлар ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў бойынша жақыннан бирге ислесиўди шөлкемлестириў мәселелерин толық түрде додалаған еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.