5-май Өзбекстан Қаҳарманы,

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры

Ибрайым ЮСУПОВ туўылған күн

 

 

Мириўбетли заўқы-сапалы өмир,

Ай қасынан жулдыз үзгиздиң бизге.

Базда шадлы, базда қапалы өмир,

Муқыйтыңнан маржан сүзгиздиң бизге.

 

Исим оңлап, сен түсирдиң сәтине,

Жел болып тиймедиң базда бетиме.

Мың әўпарин сениң мириўбетиңе,

Дәўран жорғаларын сүргиздиң бизге.

 

Сен қайда шап десең, мен солай шаптым,

Сазларыңнан қуршы қанды қулақтың.

Шайырлық деген бир сырлы булақтың

Шербет суўларынан ишкиздиң бизге.

 

Ҳәсед ҳәремине кирмеген бол деп,

Ҳәргиз қыйсық жолдан жүрмеген бол деп,

Қайда жүрсең, мудам ел менен бол деп,

Қулақларға бәрҳа қуйғыздың бизге.

 

Балалық болмады ойынға тойған,

Залым урыс оның ноқатын қойған.

Бийнесип қалғандай шәўкетли тойдан,

Қатал ҳәмириңди жүргиздиң бизге.

 

Бир күни тоқ болсақ, үш күн аш болдық,

Бөз көйлек ишинде жалаңаш болдық.

Урыстан соң еси енген жас болдық,

Есейсин деп билим бергиздиң бизге.

 

Мақтымқулы, Пушкин, Байрон қалды ма?

Түнлерде окысақ, көзлер талды ма?

Аппақ қағаз жайып мениң алдыма,

Қосық қатарларын тергиздиң бизге,

 

Аббаз, Садық нәзерине илгенде,

Нәжим, Әмет, Жолмурзаға ергенде,

Ғафур Ғулам, Сәбит Мухан келгенде,

Жети журттан мийман киргиздиң бизге.

 

Шыңғыс пенен Расулға ергизип,

Қайсын, Мустай менен бирге жүргизип,

Даналардың мәжилисине киргизип,

Уллы нәсиятлар бергиздиң бизге.

 

Дос-яранлар менен сынасып болдым,

Шайырлық мүлкине минәсип қылдың.

Саған өмиримше шын ашық болдым,

Журттан арыў сайлап сүйгиздиң бизге.

 

Базда ойшыл еттиң ойларға талған,

Базда яр-дос болдың лебизи жалған.

Ойнадың жездеңдей апаңды алған,

Не әжеп ҳәдийслер көргиздиң бизге…

 

Арғымақтан ябы озып кеткенше,

“Түйениң қуйрығы жерге жеткенше”,

Барлық шайыр прозаға өткенше,

Соңғы демим—қосық дегиздиң бизге.

 

Қайтып өтер болсаң, тап солай, өмир,

Жанымдай сүйемен сени бәри бир.

Қайтадан жасайсаң деселер ҳәзир,

Алар едим толық негизиң бизге.

 

Апрель, 1989-жыл.

 

ПОЭЗИЯ ЖУЛДЫЗЫНА

 

Жыллар асаў аттай, бизди узаққа

Алып қашып барар кеши-күндизин,

Жерде жанған отлар сөнер, бирақта

Сен сөнбейсең, Поэзия жулдызы.

 

Инсанлар өз дәртин гүңиренип жүрсин,

Деп тәңирим саған бергенде тилсим,

Адам жулдызлардың тилин не билсин,

Сен болмасаң, Поэзия жулдызы?

 

Таўлар булақ көзин көмбесе егер,

Адамлық пазыйлет өлмесе егер,

Әрман жулдызлары сөнбесе егер,

Сен сөнбейсең Поэзия жулдызы.

 

Жасыл жапырақ самал менен ойнаса,

Ашықлық ышқында кеўил тоймаса,

Гүллер ғумшаланса, бүлбил сайраса,

Сен сөнбейсең Поэзия жулдызы.

 

Ғалаўытлы ҳәм бул гөззал дүньяны

Тәрк еткен шағда да шайырдың жаны

Бийик көктен сәлем жоллап мудамы,

Жан үстимде, Поэзия жулдызы!

 

Апрель, 1991-жыл

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги