КҮННИҢ ЖАҢАЛЫҒЫ

Усы жыл 4-май күни Жуқпалы кеселликлер емлеўханасында коронавирус инфекциясынан толық саўалып шыққан 17 пуқара Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги жуўаплы хызметкерлериниң қатнасында реабилитацияға жиберилди.

Бүгинги күнге шекем коронавирус инфекциясынан 70 пуқара толық саўалып шыққан болса, олардың саны 87 пуқараға жетти. Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги қәнигелериниң атап өткениндей, саўалып шыққанлардың он үши Нөкис қаласынан, екеўи Мойнақ районынан, екеўи Қанлыкөл районынан болып, олардың барлығы коронавирусқа шалынғанлар менен сөйлесиў арқалы жуқтырған.

Нәтийжели емлеў усылларының нәтийжесинде бүгинги күнге лаборатория тексериўлери олардың ҳәр бириниң кеселликтен толық саўалғанлығын көрсетпекте. Сонлықтанда коронавирус инфекциясына шалынған наўқасларға көрсетилип атырған айрықша итибар және ғамқорлық, емлеўханада жаратылған шараятлар ушын өз миннетдаршылықларын билдирмекте.

-Емлеўханаға қатты қорқыныш ҳәм үмитсизлик пенен келген едим,-деди қуўаныш жасларын жасыра алмаған пуқаралардан бири.– Бүгинги сынаўлы күнлерге қарамастан Президентимиздиң басшылығында денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған итибар бизиң тезирек саўалып шығыўымызда күш-қуўат бағышлады. Барлық емлеў процесслери жәҳән стандартлары талабы дәрежесинде алып барылып, медицина хызметкерлери күни-түни аянбай мийнет етпекте. Бундай халықшыл басшысы бар елде жасап атырғанымызды мақтаныш етемиз. Қалған наўқаслардың да тезирек тәўир болып шығыўына тилеклеслик билдиремен.

Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасынан саўалып шығып атырған пуқаралардың саны артып бармақта.

 

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.