Коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў, халқымызды зәрүр азық-аўқат өнимлери ҳәм тутыныў товарлары менен үзликсиз тәмийинлеў бағдарында мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде барлық зәрүр илажлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, елимизде экономикалық турақлылықты тәмийинлеў, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалын арттырыў ҳәм халқымыздың шеттен келтирилетуғын товарларға болған талабын өз ўақтында турақлы түрде қанаатландырыў мақсетинде, бүгинги пандемия шараятында да экспорт-импорт операциялары жеделлик пенен даўам еттирилмекте. Онда мәмлекетимиз шегараларында күни-түни хызмет етип атырған бажыханашылардың да үлеси үлкен. Барлық бажыхана постлары арқалы экспорт ҳәм импортқа бағдарланған товарлардың ҳеш қандай тосқынлықларсыз, жеделлик пенен бажыхана рәсмийлестириўинен өткерилип, өз мәнзиллерине қарай жиберилиўи тәмийинленбекте.

– Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы қарамағындағы бажыхана постлары тәрепинен усы жыл 16-марттан 21-апрель күнлери аралығында дерлик 31 миллион 497 мың АҚШ доллары баҳасындағы 512 мың 387 тонна товар экспорты әмелге асырылған болса, 18 миллион 109 мың АҚШ доллары муғдарындағы 256 мың 661 тонна өним импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди, – дейди «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постының баслығы Рахматулла Авезов. – Бир ғана «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы суткасына кириў жөнелисинде ҳәрекетленип атырған 150-160 жүк автотранспорт қуралларынан 25-30ын да ҳәр қыйлы түрдеги азық-аўқат өнимлериниң алып келинип атырғанын бақлаўымыз мүмкин. Усы дәўир аралығында бажыхана басқармасы арқалы 2110 тонна бийдай, 1216 тонна таўық гөши, 634 тонна картошка, 614 тонна қумшекер, 636 тонна май өними, 311 тонна ҳәр қыйлы түрдеги мийўелер, 282 тонна консерваланған өсимлик ҳәм 405 тонна консерваланған гөш өними, 166 тонна гөш өними, 161 тонна кептирилген қурма, 216 тонна басқа түрдеги азық-аўқат өними импорт етилген.

Бундай сынақлы күнлерде өз жумысын турақлы даўам еттирип, халқымызға сырт елден келтирилетуғын товарларды үзликсиз жеткерип бериўде өз үлесин қосып атырған исбилерменлик субъектлерине ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, оларды қоллап-қуўатлаўда бажыхана уйымлары сүйениш болмақта. Соның ишинде, жақында «Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана постына Россия Федерациясынан 40 тонна картошка алып келинип, тийисли тәртипте бажыхана рәсмийлестириўи процеси әмелге асырылды. Бул өним бажыхана уйымларында енгизилген қәўипти басқарыў системасын қолланған ҳалда, бажыхана қадағалаўының әпиўайыластырылған тәртибинде, яғный қәўип дәрежеси төмен болған товар ҳәм транспорт қуралларын шығарып жибериў ҳаққындағы қарар қабыл етилгенде, бажыхана қадағалаўының түрлери оларға әмелге асырылмайтуғын «жасыл» коридорға түскени белгили болды.

– Бүгинги пандемия тарқалып атырған күнде де экспорт ҳәм импортқа мөлшерленген жүклерди мәмлекетимиз шегаралары арқалы ҳеш қандай тосқынлықларсыз алып өтип атырмыз, – дейди исбилермен Төребек Өмирбаев. – Посттың өзинде дезинфекция жумыслары алып барылмақта. Бажыхана хызметкерлери тәрепинен жеделлик пенен рәсмийлестирилип берилип атыр. Өткен ҳәптеде 20 тонна картошка импорт етип, халқымызға жеткерип берген болсақ, бүгин 40 тонна картошка алып келдик. Жаңа шәртнама тийкарында жолда алып келинип атырған азық-аўқат өнимлеримиз бар. Резервимиз жетерли, қәўетерге орын жоқ.

Жүк автотранспорт қуралларында сырт елден келтирилген картошка өними жеделлестирилген тәртипте бажыхана қадағалаўы ҳәм рәсмийлестириўинен өткерилип, бүгинниң өзинде халыққа жеткериледи. Солай екен, азық-аўқат өнимлери жетиспеўшилигиниң келип шығыўы мүмкин екенлиги бойынша орынсыз тәшиўишлениўге қәжет жоқ. Мәмлекетимиздиң сыртқы саўда айланысы даўамлы ҳәм турақлы әмелге асырылып, азық-аўқат өнимлерин ислеп шығаратуғын ҳәм жетистиретуғын тараўлар мәмлекетимиз тәрепинен избе-из қоллап-қуўатланбақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы