Қайырқомлық көрсетиў, сақыйлық сыяқлы ийгиликли илажлар кеўиллеримизге жыллылық бағышлап, басқаларға пайдамыздың тийип атырғанынан қуўанышқа бөленемиз. Әсиресе, бүгинги күндеги пандемия ўақтында мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем көрсетиў бағдарында елимизде өзине тән ҳәрекетке қол урылды.

Шоманай районы 3-сектор баслығы – Ишки ислер бөлими баслығы П.Искендеровтың басшылығында, сектор аймағындағы дийқанлар, фермерлер ҳәм Ишки ислер бөлими хызметкерлериниң қайырқомлығы менен сектор аймағында жасаўшы кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж 96 шаңараққа азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Рети келгенде айтыў керек, сақаўат көрсетиўдиң әйне мүбәрек Рамазан айында әмелге асырылыўы және де қайырлы болып табылады.

Ҳәзирги сынақлы дәўирде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаўға қаратылған бундай әмелий илажлар халқымызда миннетдаршылық сезимин оятпақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.