Мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың турмыс шараятын жақсылаў ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасы тәрепинен «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде пайтахтымыздағы кем тәмийинленген ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға 21 түрдеги азық-аўқат өнимлери ҳәм медициналық буйымлар жеткерип берилди. 

– Миллий гвардия хызметкерлери шаңарағыма ақ май, гүриш, мәйек ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин алып келди, – дейди Нөкис қаласындағы “Таслақ” мәкан пуқаралар жыйыны турғыны Айдын Тәжимова. – Пандемия шараятында көрсетилип  атырған усындай ғамқорлықлар ушын Ҳүкимет басшыларына ҳәм миллий гвардия хызметкерлерине шексиз миннетаршылығымды билдиремен…

Әлбетте, бүгингидей сынаўлы күнлерде жәрдемге мүтәж инсанларға жақсылық етиў, қайыр-сақаўатлы ҳәм саўаплы ислерди ислеў – миллий қәдириятларымыздың тийкарғы белгиси болып есапланады.

Миллий гвардия тәрепинен бундай қайыр-сақаўатлы ислер даўам етпекте.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.