Испания дерматология академиясының илимпазлары коронавирус инфекциясының инсан терисинде көриниўин бес категорияға бөлип классификациялаў мүмкин, деп есапламақта.

Излениў даўамында қәнигелер 375 организмде коронавирустың бар екенлиги тастыйықланған наўқастың терисинде кеселликти бастан өткериў даўамында пайда болған белгилерди тексерди. Усы тәризде наўқаслардың терисинде пайда болған белгилерге қарап бес топарға бөлинди – бул белгилердиң ҳәммесине коронавирус инфекциясы себеп болыўы мүмкин.

Ең көп – 47 процент жағдайда наўқаслардың денесинде жайылған дақлар бақланды. 8-9 күн даўамында сақланып турған бундай белгилер, тек ғана кеселликтиң аўыр түрине ушырағанларда пайда болды.

19 процент тексерилгенлердиң терисинде, суўықтан тоңғандай, қызарыў жүз берди, сондай-ақ, қол ҳәм аяқ бармақларында майда көбиклер ҳәм ириң пайда болды. Үшинши топар ағзаларында, яғный, 9 процент наўқаста везикуляр жара ҳәм қышыйтуғын суўлы көбиклер анықланды. Изертлеўге тартылғанлардың қалған 19 процентиниң, тийкарынан геўде бөлегинде ҳәм алақанларында дәнешелер пайда болған.

 

ӨзА