Пайтахтымыздың шетки аймағында жайласқан 45-санлы «Шадлы аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны дийқаншылықта мол тәжирийбеге ийе аймақлардан саналады. Ҳәзирги ўақытта аймақ турғынлары үй алды қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланып, баў-бақша дақылларының тәрбиясына айрықша итибар берип келмекте.

Жумагүл Көшекеева дийқаншылық ҳәм бағманшылықты өзиниң сүйикли кәсибине айландырған. Ол ҳәр жылы үй қапталынан шөлкемлестирген ыссыханадан помидор, баклажан, болгар бурышы ҳәм қыяр нәллерин жетистирип, халықтың алғысына миясар болып келмекте.

– Дийқаншылықтың өзине жараса мийнети бар. Бес жылдан берли нәл жетистириў менен шуғылланаман, – дейди Жумагүл апа.  -Жерди бос қоймай бар меҳириңди берип қарасаң, оннан дийдиленгендей өним аласаң. Ал, өзиңнен аўыс­қанын базарға апарып сатсаң, шаңараққа қосымша дәрамат алып келеди. Өткен жылы усы үш сотыхлы теплицада ящик ҳәм түбекшелерде нәл жетистирип, он миллионға шамалас пайда көрдим. Буннан басқа да ерте писер мийўе, овощ өнимлеринен дийдиленгендей дәрамат алдық. Быйыл да үмит етип отырман.

– Ашық майдандағы жериме помидор, баклажан, болгар бурышы, қыяр ҳәм басқа да дақылларды нәлден отырғызаман. Оның абзаллығы, атызды тез толтырады ҳәм ерте писеди. Бул тигилген нәллер жетилисемен дегенше тәрбияны өз ўақтында жүргизиўди талап етеди. Көгерген дақылларды ағын суў менен суўғарғанға не жетсин. «Каттағар» каналынан суў салмамызға насос жәрдеминде келеди. Ящик ҳәм түбекшеде жетилистирген нәллердиң айырмашылығы ҳаққында айтып өтсем. Ящикте жетилискен нәлди орнынан суўырып екинши орынға отырғызғаннан кейин 8-10 күн өтип тамыр урады. Ал, түбекшеде жетилискен нәл екинши орынға отырғызыўда қолайлы, жерге бийимлесип тез раўажланады.

Атызым мийўели дарақларға толы. Алма, ерик, жүзим, шабдал, шийе ҳәм басқа да түрлериниң барлық сорты бар. Быйыл отырғызған ғоза терегим көгерип атыр…

Ҳақыйқатында да оның ыссыханасында болғанымызда нәллердиң әдеўир жетилискениниң гүўасы болдық. Қәнекей республикамыздың басқа турғынлары да усындай инсанлардың ийгиликли ислеринен үлги алса мақсетке муўапық болар еди, деп ойлаймыз.

 

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.