Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 4-май күни Қырғыз Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары еллеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң актуал мәселелерин  додалады.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан ҳүкиметлериниң коронавирус пандемиясына қарсы гүресте тығыс бирге ислесип атырғаны қанатланыўшылық пенен атап өтилди. Еллеримизде бул қәўипли кеселлик тарқалыўының, бәринен бурын, саўда-экономикалық байланысларға унамсыз ақыбетлерин азайтыў бойынша көрилип атырған илажлар қоллап-қуўатланды.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң гезексиз саммитинде қабыл етилген қарарларға муўапық шөлкемлестирилген денсаўлықты сақлаў ҳәм транспорт министрликлери басшыларының ҳәр тәреплеме кеңесиўлериниң нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Президентлер Өзбекстанда Сардоба саў сақлағышындағы айрықша ҳәдийсе ақыбетлерин сапластырыўға байланыслы мәселелерди де көрип шықты.

Сөйлесиў жуўмағында өз-ара товар алмасыўдың жоқары тезлигин сақлаў, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында кооперацияны кеңейтиў, тийкарғы инвестиция ҳәм инфраструктура, соның ишинде, регионаллық әҳмийетке ийе жойбарларды алға қойыўға қаратылған биргеликтеги жумысларды жедел даўам еттириўге келисип алынды.

Сөйлесиў ўақтында бир қатар халықаралық мәселелерге де тоқтап өтилди.

 

ӨзА