Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 24-апрель күни халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм экономика тармақларының жумысын тиклеў мәселелерин додалаўға бағышланған гезектеги видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бир айдан аслам даўам етип атырған карантин шараяты ҳәммеге, бәринен бурын, мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары ушын сынақ ҳәм тәжирийбе болмақта. Пандемияның халықтың турмыс тәризине, исбилерменлердиң жумысына ҳәм экономика тармақларына тәсирин жумсартыў бойынша видеоселектор мәжилислери өткерилип, анық ўазыйпалар белгилеп барылмақта.

22-апрель күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде экономика тармақларын турақлы ислетиў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мүтәж шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери Самарқанд ҳәм Наманган ўәлаятлары мысалында додаланған еди. Бул ретки мәжилисте Ферғана ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында усы бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.

Ферғанада 120, Қашқадәрья ўәлаятында 6 пуқара коронавирус пенен кеселленген.

Карантин дәўиринде Ферғана ўәлаятында 10 мың, Қашқадәрьяда 11 мың кәрхананың өндирис көрсеткишлери кескин азайған. Буның ақыбетинде ҳәзирги ўақытта жумыссызлардың саны артқан. Буннан тысқары, Ферғанада 56 мың, Қашқадәрьяда 91 мың мүтәж шаңарақ бар.

Мәжилисте Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм усы ўәлаятлардың ҳәкимлерине кеселлик жуқтырыў қәўипи жоқары, орта ҳәм төмен дәрежеде болған район ҳәм жумыс түрлерин таллап, карантин шеклеўлерин басқышпа-басқыш жумсартыў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияға усыныс киргизиў тапсырмасы берилди.

Усы жылы қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары ушын Ферғана ўәлаятындағы 130 объектке 632 миллиард сум, Қашқардәрья ўәлаятындағы 132 объектке 536 миллиард сум ажыратылған. Бирақ биринши шеректе қаржыларды өзлестириў ҳәм жойбарларды әмелге асырыў режедегиден бираз артта қалған.

Президентимиз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын қурылысларды даўам еттириўге рухсат берилгенин есапқа алып, усы ўәлаятлардағы объектлерде белгиленген жумысларды жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти.

 

 

Халықты азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеў ҳәм ишки базарда баҳаның турақлылығын сақлаў – ең әҳмийетли мәселе. Бул бағдардағы үлкен резервлерден бири болса, бағ ҳәм жүзим атызларының қатар аралары болып есапланады.

Ферғана ўәлаятында 34 мың гектар, Қашқадәрьяда 22 мың гектардан аслам майданда бағ ҳәм жүзим атызлары бар. Бирақ ҳәр жылы тек ғана 20 процент қатар араларына егин егиледи.

Соннан келип шығып, усы ўәлаятлардың ҳәкимлерине бар бағ ҳәм жүзим атызларының қатар араларына толық егин егилиўин шөлкемлестириў, усы арқалы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Пайдаланыўдан шыққан ҳәм суўғарылмайтуғын жерлерде қудық қазып, халыққа бөлип бериў зәрүрлиги атап өтилди. Буның ушын Ферғанаға 15 миллиард сум, Қашқадәрьяға 11 миллиард сум ажыратылған.

Кем тәмийинленген шаңарақларға қарамал, қус ҳәм пал ҳәррелериниң уясын тарқатып, кооперация тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, өним жетистириўди көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Быйыл суў аз болғанлығы себепли Өзбекстан, Учкўприк, Ёзёвон, Қўштепа, Миришкор, Нишон, Мубәрек ҳәм Касби районларында тәкирарый егинлерди суўғарыўда қыйыншылықлар болыўы мүмкин. Сол себепли, усы аймақларда суў аз талап ететуғын, экспортқа жарамлы собықлы егинлер егиў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Ғәлледен босаған майданлардың 50-60 процентине фермер өз жумысшылары менен егин егиўин, қалған бөлегин карантин шараятында ўақтынша жумыссыз қалған ҳәм жәрдемге мүтәж халыққа бөлип бериўди шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.

Ферғана ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларының ҳәкимлери карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда кәрханаларды иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша есабат берди.

 

 

 

Сондай-ақ, «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекети шеңберинде мүтәж шаңарақларға мәнзилли материаллық жәрдем бериў бағдарындағы жумыслар, исбилерменлер алға қойған басламалар туўралы атап өтилди.

 

 

 

 

 

 

ӨзА