USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТОҚЫМАШЫЛЫҚ САНААТЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ

 

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 23-апрель күни тоқымашылық санаатының турақлылығын тәмийинлеў, пандемияның тараўға тәсирин жумсартыў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимиздиң тоқымашылық санаатында 2 мыңнан аслам кәрхана жумыс алып бармақта, оларда 365 мың халық жумыс ислейди. Тараўдың экспорт потенциалы кейинги 3 жылда 2 есе артты. Өткен жылы бул бағдардағы көрсеткиш 1,6 миллиард долларды қурады.

Бирақ булар еле жетерли емес. Тараўда үлкен резерв ҳәм имканиятлар бар. Атап айтқанда, елимизде жетистирилген пахтаны толық қайта ислеп, экспортты 15 миллиард долларға жеткериў ҳәм 3 миллионнан аслам халықты жумыс пенен тәмийинлеў имканияты бар.

Мәжилисте пандемия дәўиринде тармақты турақлы ислетиў ушын кәрханаларды айланыс қаржы менен тәмийинлеў мәселеси көрип шығылды. Быйыл 1-апрельге шекем сатылған пахта талшығының жуўмақлаўшы төлем мүддетин 90 күннен 150 күнге шекем созыўға көрсетпе берилди.

 

 

Қаржы министрлигине кәрханалардың айланыс қаржысын өзинде сақлап қалыў ушын экспорт бажыханада рәсмийлестирилген ўақыттан баслап қосымша қун салығын қайтарып бериў механизмин енгизиў ўазыйпасы тапсырылды.

Келеси 5 жылда таяр өним ислеп шығарыўды 4-5 есеге көбейтиў, өзине түсер баҳаны бәсекилеслерге арзанлатып, сыртқы базарларды ийелеў бойынша тапсырмалар берилди. Буның ушын өнимлердиң ассортиментин кеңейтип, сапасын кескин арттырыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Атап айтқанда, сырт ел компаниялары менен биргеликте ири экспорт кәрханаларын шөлкемлестирип, белгили брендлер тийкарында базарда өтимли өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпе берилди.

Усы мақсетте Наманган, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларында таяр өнимди экспорт етиўши жаңа кәрханалар ушын технопарк шөлкемлестириледи. Усы жойбарларды қаржыландырыўға Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен кредит линиясы шеңберинде 300 миллион доллар қаржы ажыратылады.

Мәжилисте шийки зат жетистириў ҳәм өндирис шынжырында өзине түсер баҳаны азайтыў мәселесине де тоқтап өтилди.

Мәмлекетимизде жыллар даўамында пахта талшығының өзи экспорт етилгени ушын оның баҳасы Ливерпуль котировкасына жалғанған еди. Негизинде пахта талшығы Нью-Йорк биржасында сатылады ҳәм оның баҳасы Ливерпульдикинен 10 процентке арзан жүреди.

Бул тоқымашылық өнимлериниң баҳасы артыўына тәсир етип атырғаны атап өтилип, жуўапкерлерге пахта талшығының баҳасын халықаралық биржа котировкасына өткериў бойынша тапсырма берилди.

Мәжилисте тоқымашылық кәрханаларының сыртқы базарларға шығыўы ушын қолайлы шараят жаратыў мәселелерине де итибар қаратылды.

 

 

Бул тараўдағы таяр өнимлеримиздиң экспорты тийкарынан регион базарына байланыслы болып қалған. Экпсортёрлер Европаға кириўи ушын 15 процент бажы төлеўге ҳәм 4 есе көп транспорт қәрежетин жумсаўға мәжбүр болмақта.

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясына Европа Аўқамы базарлары ушын «GSP+» статусын алыў ўазыйпасы қойылды. Сондай-ақ, Халықаралық финанс корпорациясы жәрдеминде өнимлерди «BSI» стандартлары тийкарында сертификатластырыў жумысларын жеделлестириў керек екенлиги атап өтилди. Экспортёрлердың қәрежетлерин субсидиялаўды буннан былай кеңейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте көрилген мәселелер бойынша жуўапкерлер мәлимлеме берди.

 

 

 

ӨзА