«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында улыўма орта билим беретуғын мектеплерде «Орфография ҳәм пунктуация» пәнин енгизиў ҳаққында усыныс жәрияланды.

Мүрәжат авторының жазыўынша, тил – миллет айнасы. Әлбетте, ҳәр бир миллеттиң дүньяда бар екенлигин көрсететуғын тийкарғы қуралларының бири де тил болып есапланады. Әдебий тилге ҳүрмет болса оны дурыс жазыўдан басланады. Көпшилик болса ҳәзирге шекем айырым сөзлерди қәте жазады ҳәм бул жағдай жәмийеттиң барлық қатламларында қәлиплескен. Не ушын булай болған? Себеби, усы ўақытқа шекем мектеплерде дурыс жазыўды үйрететуғын арнаўлы пән болмаған. Ана тили ше? деўиңиз мүмкин. Бир ғана ана тили пәни арқалы дурыс жазыў көнликпесин ийелей алмаймыз. Усы пәнди билимлендириўдиң тийкарғы басқышы болған улыўма орта билим бериў системасына енгизсек, саўатсызлықтың алдын алған боламыз, – деп жазған мүрәжат авторы.

Мүрәжат тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылыўы ушын 10 мың даўыс топлаўы керек болып, усы күнге шекем 67 адам даўыс берген.

Даўыс бериўдиң жуўмақланыўына 79 күн қалды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.