«Mening fikrim» жәмийетлик мүрәжатлар порталында Төрткүл районындағы Банк колледжи имаратында Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң филиалын ашыў усыныс етилген мүрәжат жәрияланды.

Мүрәжатта жазылыўынша, 1996-2019-жыллар аралығында Банк колледжин питкергенлер орта-арнаўлы дипломға ийе болып, ҳәзирги ўақытта экономиканың барлық тараўларында нәтийжели мийнет етпекте. Усы дәўирде колледж имаратында таяныш топар сыпатында қосымша рәўиште Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң екинши қәнигелик таярлаў бойынша жоқары оқыў орнын сырттан оқыў ушын шараятлар жаратылып, 900 дан аслам жоқары мағлыўматлы қәнигелер қайта таярланып, сырттан оқып, жоқары мағлыўмат ҳаққындағы дипломларға ийе болған.

Усыларды есапқа ала отырып, мүрәжатта Төрткүл районындағы Банк колледжи имаратында Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң филиалын ашыў усыныс етилген.

Мүрәжат тийисли уйымлар тәрепинен көрип шығылыўы ушын 10 мың даўыс топлаўы керек болып, усы күнге шекем 375 адам даўыс берген.

Даўыс бериўдиң жуўмақланыўына 80 күн қалды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.