Бүгин, 17-апрельден баслап пайтахтымыз Нөкис қаласында жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилерге жолаўшыларсыз, тек ғана жеткерип бериў хызмети менен шуғылланыў ушын рухсат берилди.

ҚР ИИМ Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы баспасөз хызметинен бизге мәлим етилиўинше, такси басқарыўшылары жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыў лицензиясы ҳәм жеткерип бериў менен шуғылланыўға рухсат етилген күнлик жолламасы (путёвкасы) арқалы бул хызметти әмелге асырыўы мүмкин болды.

Мағлыўмат ушын, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 8-апрельдеги қарарына муўапық, Өзбекстан көлеминде жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыў лицензиясына ийе болған жөнелиссиз таксилерге жолаўшыларсыз, тек ғана жеткерип бериў хызмети менен шуғылланыў ушын рухсат берилген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.