Қарақалпақстан Республикасы аймағында барлық жол-патруль хызмети орынлары, блок және тосықлы постларда коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў мақсетинде ҚР Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасында арнаўлы штаб шөлкемлестирилген. Бул ҳаққында басқарма баспасөз хызмети хабар берди.

Жолларда транспорт қураллары менен байланыслы болған машқалалар ҳәм түсинбеўшиликлерди өз орнында шешиў мақсетинде шөлкемлестирилген штабда жуўапкер хызметкерлер тәрепинен сораўларыңызға жуўаплар алыўыңыз мүмкин.

Егер сизде постлардан өтиў, стикер ҳәм арнаўлы рухсатнамалар бойынша сораўлар болса (61) 225-30-44 телефон номери арқалы сораўларыңызға жуўап алсаңыз болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.