Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы ҳәм 2019-2022-жылларда жуқпалы болмаған кеселликлер профилактикасы, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилик дәрежесин арттырыў концепциясы шеңберинде медициналық жәрдемниң нәтийжелилиги, сапасы ҳәм оннан ҳәммениң пайдалана алыў имканиятын тәмийинлеў, медицина илиминиң заманагөй жетискенликлерин ҳәм технологияларын енгизиў, халықтың саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге қаратылған илажлар әмелге асырылмақта.

Халықтың саламатлығын тәмийинлеў, медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў, ҳәр қыйлы, әсиресе, созылмалы кеселликлер профилактикасында ҳәм оларды емлеўде сапа, қәўипсизлик ҳәм нәтийжелилик жағынан әмелде сыналған халық медицинасы әҳмийетли орын ийелейди.

Өткен дәўир ишинде көрилген илажлар нәтийжесинде халық тәўиплери тәрепинен хызметлер көрсетиў тараўында ҳуқықый база қәлиплестирилди, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясы шөлкемлестирилди, халық медицинасының усылларын ҳәм жетискенликлерин нәтийжели ҳәм қәўипсиз түрде қолланыў ушын биринши гезектеги шараятлар жаратылды, оны раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери менен бағдарлары белгилеп берилди.

Соның менен бирге, әмелге асырылған жумысларды таллаў халық медицинасы хызметлерин көрсетиўди, оның усылларының нәтийжелилигин баҳалаў механизмлерин және де жетилистириў, халық медицинасын заманагөй денсаўлықты сақлаў системасына избе-из интеграциялаў, усы бағдарда қәнигелер ҳәм басқа да медицина хызметкерлериниң маманлығын арттырыў зәрүрлиги бар екенлигинен дәрек бермекте.

Халық медицинасының кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў бойынша нәтийжели усылларын заманагөй медицина әмелиятына жедел интеграциялаў, пуқаралардың саламатлығын және де беккемлеў, усы тараўда қәнигелер таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардын қәнигелигин арттырыў және илимий-изертлеў жумысларын өткериў системасын жолға қойыў мақсетинде:

1.Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен Халық медицинасы тараўындағы 2014-2023-жылларға мөлшерленген стратегия әмелге асырылып атырғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин. Оның мақсети төмендеги бағдарларда ағза мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаўдан ибарат:

саламатлық, тынышлық, инсанларға қаратылған медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиўди тәмийинлеў, медициналық-санитария хызметлериниң сапасын арттырыў, денсаўлықты сақлаў хызметлери менен жалпы қамтып алыўды кеңейтиў және пайдаланыўшыларға өзиниң саламатлығына ғамқорлық етиў бойынша саналы таңлаў ушын имканиятлар жаратыўда халық медицинасының потенциалынан пайдаланыў;

нормалар менен қағыйдаларды белгилеў, илимий изертлеўлер өткериў ҳәм халық медицинасы өнимлерин ҳәм әмелиятын денсаўлықты сақлаў системасына интеграциялаў, кадрлардың қәнигелигин арттырыў, емлеў көнликпелерин, хызметлерин ҳәм усылларын жетилистириў жолы арқалы халық медицинасын қәўипсиз ҳәм нәтийжели қолланыўға зәрүр дәрежеде жәрдемлесиў.

2. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң экспертлерин тартқан ҳалда, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясы, «Табобат» академиясы ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-2025-жылларда Өзбекстанда халық медицинасын раўажландырыў концепциясын мақсетли көрсеткишлер (индикаторлар) және оны әмелге асырыўға байланыслы жыллар бойынша «жол картасы» менен биргеликте тастыйықлаўды нәзерде тутатуғын қарары жойбарын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

Усы Концепцияны ислеп шығыўда төмендегилерге айрықша итибар қаратылсын:

усынылып атырған илажлардың Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 7-декабрьдеги ПП-5590-санлы Пәрманы менен тастыйықланған ҳәм ҳәзирги күнде әмелге асырылып атырған 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы  менен тығыз байланыслылығын;

анық механизмлер менен басқышларды көрсеткен ҳалда, Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң Халық медицинасы тараўындағы 2014-2023-жылларға мөлшерленген стратегиясында нәзерде тутылған усынысларын әмелде орынлаў;

Қытай, Корея, Япония, Ҳиндстан, Вьетнам, Франция, Россия ҳәм басқа да мәмлекетлердиң халық медицинасын раўажландырыў бағдарындағы алдынғы институционаллық тәжирийбесин, соның ишинде, орнына барып кеңнен үйрениў;

өткерилген таллаўлар ҳәм изертлеўлер тийкарында халық медицинасы қураллары менен усылларының сапасын ҳәм қәўипсизлигин  тәртипке салыўдың институционаллық механизмлерин ислеп шығыў, сондай-ақ, оның тийкарғы бағдарларын раўажландырыў.

3. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясының 2020-жыл 1-майдан:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети есабынан қаржыландырылатуғын, мәмлекетлик мәкеме түриндеги юридикалық тәреп статусына ийе Республикалық халық медицинасы илимий-әмелий орайын (кейинги орынларда Республикалық орай);

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде ҳәм Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларында усы қарардың 8-бәнтинде көрсетилген қаржыландырыў дәреклери менен юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Халық медицинасын раўажландырыў орайларын (кейинги орынларда-Аймақлық орайлар) шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

4. Төмендегилер Республикалық орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

халық медицинасы усылларынан, соның ишинде, өзбек халық медицинасының тарийхый дәстүрлеринен ҳәм өзине тән мийрасынан пайдаланған ҳалда кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў, сондай-ақ, басқа да медициналық хызметлер көрсетиўдиң нәтийжелилигин таллаў ҳәм үйрениў;

халық медицинасының тийкарғы бағдарларын (фитотерапия, акупунктура, аюрведа, гомеопатия, йога, моксотерапия, натуропатия, остеопатия, термал медицина, хиро-әмелият, цигун ҳәм басқалар) раўажландырыў, халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаўда ҳәм заманагөй медицинада оларды қолланыў бойынша оқыў-методикалық әдебиятлар таярлаў;

халық медицинасын кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў мәселелеринде заманагөй медицинаға интеграциялаў бойынша, соның ишинде, илимий-изертлеў ҳәм лабораториялық изертлеўлерди өткериў арқалы усыныслар таярлаў;

халық медицинасында пайдаланылатуғын өсимликлерди өсириў ҳәм өсимлик көринисинде болмаған шийки зат таярлаўды, усы бағдарда лабораториялық ҳәм илимий изертлеўлерди өткериўди шөлкемлестириў, сондай-ақ, халық медицинасында ең көп қолланылатуғын өсимликлер ҳәм шийки затты өсириўди локализациялаў бойынша усыныслар таярлаў;

халық медицинасы бойынша қәнигелерди, медицина хызметкерлерин ҳәм медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахсларды Аймақлық орайларда таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўды шөлкемлестириў;

пуқаралардың саламатлығын тәмийинлеўде халық медицинасының ролин арттырыў бағдарындағы машқалаларды үйрениў ҳәм усыныслар таярлаў бойынша илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер менен өз-ара бирге ислесиў;

сырт мәмлекетлердиң халық медицинасы ўәкили болған шөлкемлери менен тығыз бирге ислесиў, мәмлекетимизде халық медицинасын және де раўажландырыў мәселелери бойынша биргеликте әнжуманлар, форумлар ҳәм басқа да илажлар өткериў.

5. Төмендегилер:

 Республикалық халық медицинасы илимий-әмелий орайының дүзилиси 1-қосымшаға муўапық;

Халық медицинасын раўажландырыў орайлары шөлкемлестирилип атырған медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларынның дизими 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

6. Республикалық орай халық медицинасы тараўында бас мәкеме, Ташкент медицина академиясының көп тармақлы клиникасы болса усы тараўда қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў бойынша клиникалық база есапланатуғыны;

Республикалық орай Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң (кейинги орынларда-Министрлик) шөлкемлестириўшилик структурасына киретуғыны ҳәм оған есап беретуғыны;

Республикалық орайға Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын  директор басшылық ететуғыны;

Республикалық орай директоры мийнетке ҳақы төлеў шәртлери  бойынша Министрлик бас басқармасының баслығына теңлестирилетуғыны;

Республикалық орай Министрликтиң илимий-әмелий, изертлеў ҳәм басқа да мәкемелерин оптималластырыў есабынан толықтырылатуғыны;

Аймақлық орайлар Республикалық орайдың орынлардағы бөлимлери есапланатуғыны, Республикалық орай оларға методикалық  басшылық ететуғыны ҳәм жумысын муўапықластыратуғыны;

Аймақлық орайларда оқытыў Министрлик тәрепинен тастыйықланған,  Республикалық орай, Ташкент медицина академиясы, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясы ҳәм «Табобат» академиясы  тәрепинен ислеп шығылған оқыў режелери ҳәм бағдарламалары бойынша төлемли тийкарда әмелге асырылатуғыны;

Аймақлық орайларда оқытыў баҳасының муғдары Республикалық орай тәрепинен белгиленетуғыны;

Аймақлық орайларға тыңлаўшыларды қабыллаў ҳәм питкериўшилерди аттестациядан өткериў Министрлик тәрепинен белгинетуғын талаплар, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;

Аймақлық орайлардың питкериўшилерине халық медицинасы бойынша қәнигелик арттырғанлығы ҳаққында рәсмий ҳүжжет деп тән алынатуғын  белгиленген түрдеги сертификат берилетуғыны;

халық медицинасы бойынша қәнигелерди таярлаў курсларын табыслы тамамлаған медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахсларға Министрлик тәрепинен тастыйықланатуғын түрдеги халық медицинасының тийисли бағдарларында жумыс алып барыў ҳуқықын беретуғын гүўалық берилетуғыны;

Аймақлық орайлардың директорлары Республикалық орай  директоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны;

Аймақлық орайларда оқытыўшылық жумысына медициналық ҳәм фармацевтикалық жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларының  профессор-оқытыўшылар қурамы, халық медицинасы бойынша қәнигелер ҳәм медицина хызметкерлери  тартылатуғыны;

Аймақлық орайлардың хызметкерлерине  медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде тийисли лаўазымлар ушын орнатылған мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енгизилетуғыны;

талап жоқары болған дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм таярлаў және халық медицинасы тараўында илимий изертлеўлер өткериў мақсетинде аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде тийисли медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумлары балансында туратуғын ҳәм Аймақлық орайларға турақлы пайдаланыў ушын берилетуғын 1 гектарға шекемги майданға ийе мини-плантациялар (кейинги орынларда-мини-плантациялар) шөлкемлестирилетуғыны;

Аймақлық орайларда алдынғы излениўлер ҳәм изертлеў жумысларын алып барыў ушын заманагөй лабораториялар шөлкемлестириў және оларды зәрүр әсбап-үскенелер, техника ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер  есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

7. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлардың ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги, Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлекетлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети. Министрлик, Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясы ҳәм «Табобат» академиясы менен биргеликте 2020-жыл 1-июльге шекемги мүддетте мини-плантациялар шөлкемлестириў ушын аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерди таңлаў ҳәм ажыратыў, инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныў жумысларын әмелге асырсын.

8. Аймақлық орайлардың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

шәртнама тийкарында көрсетилетуғын хызметлер, соның ишинде, халық медицинасы бойынша қәнигелерди, медицина хызметкерлерин ҳәм медициналық мағлыўматқа ийе болмаған шахсларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыўдан түскен қаржылар;

халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң грантлары;

сыртқы бийғәрез жәрдем қаржылары (грантлар, техникалық жәрдемлер ҳәм басқалар);

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қайырқомлық қаржылары;

нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

9. Министрлик ҳәм Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясының 2020-жыл 1-майдан төмендегилерде халық медицинасы бөлмелерин ашыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

район (қала), ўәлаят ҳәм республика дәрежесиндеги мәмлекетлик көп тармақлы медицина мәкемелеринде ҳәм усы мәкемелердеги медицина хызметкерлериниң белигенген улыўма саны шеңберинде 1 штат бирлигин ажыратыў арқалы оларды толықтырыў;

 мәмлекетлик емес медицина шөлкемлеринде.

Министрлик бир ай мүддетте усы бәнттиң талапларын есапқа алған ҳалда мәмлекетлик емес медицина шөлкемлери тәрепинен медициналық жумысты әмелге асырыўдың лицензия талаплары ҳәм шәртлерин қайта көрип шығыў бөлеги бойынша нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўди тәмийинлесин.

10. Министрлик еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:

Аймақлық орайлардың дүзилиси ҳәм режеси;

Аймақлық орайларда тыңлаўшыларды оқытыў бағдарламалары;

кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў мәселелеринде халық медицинасының заманагөй медицина менен бирге ислесиўин ҳәм интеграциясын қадағалаў механизмлери ҳәм тәртиби.

11. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы тәрепинен  халық медицинасы усылларын қолланған ҳалда кеселликлерди емлеў ушын усыныс етилетуғын ҳәм жергиликли тәбийғый ҳәм өсимликлерден алынатуғын халық медицинасы дәри-дәрмақларының дизими  қәлиплестирилгенлиги;

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында халық медицинасы тараўын тәртипке салыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3968-санлы қарарында халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда хызмет көрсететуғын шөлкемлер ҳәм қәнигелер, олардың ис тәжирийбеси, көрсететуғын хызмет түрлери, байланыс  ҳәм басқа да мағлыўматларды өз ишине алған  бирден-бир мағлыўматлар базасын  қәлиплестириў нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Министрлик Илимлер академиясы менен биргеликте усы мағлыўматлар базасына халық медицинасы усылларын қолланған ҳалда кеселликлерди емлеў ушын усыныс етилетуғын тәбийғый ҳәм өсимликлерден алынатуғын дәрилер, халық медицинасы қураллары, сондай-ақ, халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда хызмет көрсетиўши шөлкемлер ҳәм қәнигелер ҳаққындағы мағлыўматларды киргизиў илажларын көрсин.

12. Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги:

ҳәр жылғы мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламалар жойбарларын қәлиплестириўде  халық медицинасы бойынша илимий-изертлеў жойбарлары ушын таңлаў жәрияланыўын тәмийинлесин;

Министрликтиң тийкарланған есап-санақлары ҳәм Инновациялық раўажланыў ҳәм новаторлық идеяларды қоллап-қуўатлаў қоры Бақлаў кеңеси қарарлары тийкарында Қор қаржыларын усы қарарға муўапық Аймақлық орайларда заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм оларды зәрүр әсбап-үскенелер, техника ҳәм басқа да материаллық-техникалық ресурслар менен тәмийинлеўге қаратыўды тәмийинлесин.

13. Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Республикалық орайдың буйыртпаларына тийкарланып Аймақлық орайлардың жумысын ҳәм соңынан ислеўин шөлкемлестириў мақсетинде сырт ел қәнигелерин Өзбекстан Республикасына тартыў ушын белгиленген тәртипте рухсатнамалар берилиўин (мүддети созылыўы), сондай-ақ, усы сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумыс ислеў менен шуғылланыў ҳуқықын беретуғын тастыйықлаў хатлары берилиўин (мүддети созылыўын) белгиленген төлемлерди өндирмеген ҳалда тәмийинлесин.

14. Министрлик:

а) Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте:

үш ай мүддетте Аймақлық орайлардың жумысын ҳәм соңынан ислеўин шөлкемлестириў процесине сырт мәмлекетлерден, соның ишинде, медицинасы ең жақсы раўажланған Қытай, Корея, Япония, Ҳиндстан, Вьетнам, Франция ҳәм Россия мәмлекетлеринен халық медицинасы мәселелери бойынша кәнигелер ҳәм экспертлерди тартыўды тәмийинлесин;

үш ай мүддетте халық медицинасы тараўында перспективаға ҳәм раўажланыў тәжирийбесине ийе болған мәмлекетлер менен усы тараўда бирге ислесиўди жолға қойыў, соның ишинде, илимий билимлендириў жойбарларын ҳәм бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша меморандум ҳәм усынысларға қол қойыўдың мақсетке муўапықлығы ҳәм механизмлери ҳаққындағы усынысларды Өзбекстан Республикасы Минситрлер Кабинетине киргизсин;

2020-жылдың ақырына шекем республиканың (шөлкемлердиң) халық медицинасы тараўындағы халықаралық профессионал шөлкемлерге (Жер жүзилик акупунтура ҳәм моксотерапия ассоциацияларының федерациясы, Жүр жүзилик хиро-әмелият федерациясы, Жер жүзилик гидротерапия ҳәм климатотерапия федерациясы, Жер жүзилик қытай медицинасы жәмийетлери федерациясы ҳәм басқаларға) ағза болыўы мәселесин көрип шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине тийисли усынысларды киргизсин;

б) Илимлер академиясының Әбу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер менен биргеликте 2020-жыл 1- августқа шекем Аймақлық орайлар китапханаларын Абу Али ибн Сино, Абу Бакр Муҳаммад ибн Закариё ар-Розий, Абу Мансур Қумрий, Исмоил Журжоний сыяқлы энциклопедист илимпазлар, философлар, тәўиплер ҳәм халық медицинасы тараўындағы басқа да уллы ата-бабалардың илимий мийрасын үйрениў менен байланыслы жумыслар топламларының нусқалары менен тәмийинлесин;

в) Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы, Өзбекстан халық медицинасы ассоциациясы, «Табобат» академиясы ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте халық арасында халық медицинасының,  кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеўде  қолланылатуғын дәрилик өсимликлерге тийкарланған тәбийғый өнимлердиң абзаллықларын кеңнен үгит-нәситялаў илажларын көрсин.

15. Республикалық орай Ташкент қаласы, Мырза Улығбек районы, Паркент көшеси, 51-жай мәнзилинде жайластырылсын.

16. Министрлик еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

17. Усы қарардың тиккелей орынланыўын тәмийинлеў төмендеги шахсларға жүкленсин:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелери бойынша орынбасары – усы қарарды сапалы, толық ҳәм өз ўақтында орынлаў, жуўапкер министрликлер, уйымлар, шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, көрилген илажлар ҳаққында олардың басшыларының есабатларын турақлы тыңлаў, анықланған машқала ҳәм кемшиликлерди тез сапластырыўды тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.К.Шодмонов – Республикалық орай ҳәм Аймақлық орайлардың жумысы нәтийжели шөлкемлестирилиўин, олардың келешекте жумыс ислеўин тәмийинлесин, Өзбекстан Республикасында халық медицинасын және де раўажландырыў мәселелери бойынша Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми, басқа да халықаралық ҳәм ҳүкиметлик емес структуралар менен тығыз ҳәм белсене бирге ислесиўди орнатсын;

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Б.Қ.Юсупалиев – кеселликлерди профилактикалаў, диагноз қойыў ҳәм емлеў мәселелеринде халық медицинасының заманагөй медицинасына басқышпа-басқыш интеграцияласыўын, халық медицинасы усылларынан пайдаланған ҳалда хызмет көрсетиўши шахсларды хатлаўдан өткериў ҳәм оларды соңынан тийисли топарларға бөлистириўди тәмийинлесин;

жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары – барлық илажларды усы қарарға муўапық белгиленген мүддетлерде сөзсиз ҳәм сапалы орынласын, қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыўда Министрликке жәрдем көрсетсин.

18. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Рсепубликасы

Президенти                                                                     Ш.МИРЗИЁЕВ

 

Ташкент қаласы,

2020-жыл 10-апрель