Қолына китап услаған Бердақ пенен Шевченконың мазмунлы сәўбети, көкке көтериўши билим текшеси. Дүньяға белгили илим султаны Әл-Беруний китапқа нәзер тасламақта. Хәр қыйлы реңдеги кереге нағыс, қарақалпақ бақсысы дуўтар шертпекте. Илимди қуяш етип көкке көтерген инсанлар. Халқымыздың толып-тасқан дастурханы жайылған, билим бериўден жалықпайтуғын устазлар бәршеге үлги болып тур. Барлығы жүдә гоззал, әлемниң мың түрли бояўы жәмленген. Биргеликте илим қуяшына талпынып бой созып атырған жас нәўшелер- студентлер. Буның бәри бир көринисте (жеке көз қарас).

Мен бахытлыман. Мыңлаған заманласларым әрман еткен ҚМУ студентимен. Бирақ, күни бүгинге шекем билим алып атырған уллы дәргайымның ең сулыў жерине нәзер тасламаған екенмен. Өзине тартыўшы, инсанда пикир оятыўшы теңсиз өнер жемиси болған сондай көринис бар. Бул сүўреттиң мәниси жүдә терең. Оның жаратылыў тарийхы хаққында устазларымнан сорадым. Бул көринис 1989-1990- жыллары Балтаев Айнабай атлы инсан тәрепинен салынған. Биз билим алып атырған бул дәргай буннан алдын Шевченко атындағы Нөкис мәмлекетлик университети болған, соңынан Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине өзгерди. Әне, сонлықтан Бердақ пенен Шевченко бирге сүўретленген. Бир сөз бенен айтқанда, бул көринисте илим-билим майданы сәўлеленген. Егер мың студенттен пикир сорасақ, мың түрли пикир аламыз. Тилекке қарсы, көпшилик студентлер бул көриниске нәзер тасламайды ,тасласада итибар берип қараўды жөн көрмейди. Усы жерде 4 жыл бойы билим алып кеткен бир неше инсанлардан бул ҳаққында сорадым, ҳәтте бул көринистиң бар екенлигинен хабары жоқлар да табылды. Таярланамыз, оқыўға кирип, мен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентимен деп, көкирегимизге мушымызды урамыз, керилемиз. Не деймиз?! Алды – артына қарамайтуғын “студентликтиң қайнаған дәўири дә!” Биз сөз еткен әжайып көринис болса, ҚМУ Мәлимлеме ресурс орайы имаратының сыртқы тәрепин безеген қол өнери еди.

Бәлким, бул университетимиздиң бийбаҳа байлығыдур…

 

Гүлайым Нурғалийева

Қарақалпақстан хабар агентлиги