Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде Өзбекистан Республикасының «Жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасы ҳаққында»ғы, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде нызам бузылыўшылықлардың келип шығыў себеплерин ҳәм оған имканият жаратып берип атырған шәраятларды сапластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға бағышланған мәжилис болып өтти. 

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов алып барды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен жоқарыдағы нызамлардың орынланыўы бойынша ишки ислер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен билимлендириў басқармаларында тексериў өткерилип, онда республикамыздағы кәсип-өнер колледжлери ҳәм мектеп оқыўшылары тәрепинен исленген  жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәр тәреплеме үйренип шығылғаны атап өтилди.

Сондай-ақ, жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бойынша белгиленген ўазыйпаларға итибарсызлық пенен қарап, аймақтағы социаллық жақтан қәўипли болған шаңарақлар қадағалаўсыз және қараўсыз қалған жас өспиримлер бойынша мағлыўматлар жыйналғанлығы, шаңарақтағы итибарсызлықтың нәтийжесинде оқыў орынларына қатнаспай атырған оқыўшылар менен ислесиўдеги кемшиликлер,  орынларда, атап айтқанда, Шоманай, Беруний, Төрткүл, Хожели районларында жас өспиримлер арасында қадағалаўсызлық профилактикасы дурыс алып барылмай атырғанлығы қатаң сынға алынды.

 

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы