Үйде қалың, қалыңлар шүкирлик пенен,
Бул сынақта ҳәр бир адам үйде қалар.
Үйиңиз бар қалыўға, бирақ, дүньядағы,
Жүз миллионлап үйи жоқлар қайда қалар?
Үйде қалың, қалыңлар шүкирлик пенен,
Ақыр бунда ҳәр ким иззет-сыйда қалар.
Бул дүньяда баспанасыз қанша жанлар,
Олар есик артында не күйде қалар?
Үйде қалың, қалыңлар шүкирлик пенен,
Сиздеги бул тынышлық айда қалар.
Қанша адам урысларда, қырғынларда
Атылған оқлардан пана жайда қалар.
Үйде қалың, қалыңлар шүкирлик пенен,
Мейли, буннан жер ҳәм аспан ҳәзлик алар.
Дүньяны сиз қутқарасыз апатлардан,
Аңлаған ҳәр кимсе бүгин үйде қалар.
Үйде қалың, қалыңлар шүкирлик пенен,
Сынақларда дос ҳәм душпан ойда қалар.
Үйде қалып, бир мақсетке умтылмасақ,
Үш мың жыллық қүдиретимиз қайда қалар?
Назира Матяқубова,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Сағындық ЖАНИЕВ аўдармасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги