USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 21 Июнь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МЕДИЦИНАЛЫҚ-САНИТАРИЯ ТАРАЎЫНДА КАДРЛАРДЫ ТАЯРЛАЎ ҲӘМ ҮЗЛИКСИЗ КӘСИПЛИК РАЎАЖЛАНДЫРЫЎДЫӉ ПҮТКИЛЛЕЙ ЖАӉА СИСТЕМАСЫН ЕНГИЗИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Медициналық-санитария хызметкерлерин кәсиплик раўажландырыў системасын жақсылаў, тараўда жетик ҳәм терең билимге ийе кадрларды заманагөй билимлендириў стандартлары тийкарында таярлаў, медицина шөлкемлери, әсиресе, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелерин профессионал қәнигелер менен тәмийинлеў, медициналық билимлендириў мәкемелери профессор-оқытыўшыларының абырайын арттырыў, сондай-ақ, 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасының денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги (кейинги орынларды – Министрлик), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020/2021 оқыў жылынан баслап 1-қосымшаға муўапық 47 медицина колледжин Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумлары етип қайта шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын Комплексли бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын және оның өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлесин:

Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларының материаллық-техникалық базасын және де күшейтиў, әмелият ханаларын белгиленген нормативлер тийкарында үскенелеў, оқыў-симуляциялық аудиторияларды шөлкемлестириў;

валеология, медициналық психология, нутрициология, диетология, фармакология, кинезиология, реабилитология, профпатология пәнлериниң тереңлестирилген ҳалда оқытылыўын енгизиў ҳәм усы техникумлардың оқыў режелерин ҳәм пән бағдарламаларын   алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында ислеп шығыў;

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң жоқары маман профессор-оқытыўшыларын тартқан ҳалда Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларында аралықтан билимлендириў арқалы оқыў сабақларын өткериў.

2. Абу Али ибн Сино атындағы Жәмәәт саламатлығы техникумларын:

табыслы тамамлаған питкериўшилер өз тараўына сәйкес медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат бағдарлары бойынша кириў имтиханларысыз жеке тәртиптеги сәўбетлесиў арқалы жоқары билимлендириў мәкемелеринде 2-курстан оқыўын даўам еттириў ҳуқықына ийе болатуғынлығы;

ағымдағы сақлаў, жумыс ислеў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм кадрларды таярлаў қәрежетлери Министрликтиң бюджеттен тысқары қаржылары, оқыўшыларды мәмлекетлик буйыртпа ҳәм төлем-контракт тийкарында оқытыўдан түсетуғын қаржылар ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклердиң есабынан әмелге асрылатуғынлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3. 2020/2021 оқыў жылынан баслап:

а) медициналық жоқары  билимлендириў мәкемелериниң емлеў (әмелият) жумыслары проректорлары (директор орынбасарлары) бир ўақыттың өзинде усы жоқары билимлендириў мәкемеси клиникаларының бас шыпакерлери есапланатуғынлығы;

б) медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде:

бакалавриат билимлендириў бағдарлары, магистратура ҳәм клиникалық ординатура (резидентура) қәнигеликлери оқыў режелериндеги қәнигеликке байланыслы болмаған пәнлердиң үлеси 2 есеге қысқартылатуғынлығы;

клиникалық ординатураға (резидентура) мақсетли қабыл етилген студентлердиң питкериў курсын ўәлаят дәрежесиндеги медицина мәкемелеринде шөлкемлестириў системасы жолға қойылатуғынлығы;

в) аймақлардың шыпакерлерге болған талабынан келип шыққан ҳалда медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери бақалавриаттың «Емлеў иси», «Педиатрия иси» ҳәм «Кәсиплик билимлендириў (емлеў иси)» билимлендириў бағдарлары  бойынша мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабыллаў көрсеткишлери шеңбериндеги мақсетли қабыллаў параметрлери район (қала) лар кесиминде қәлиплестирилетуғынлығы;

г) медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери «Емлеў иси», «Педиатрия иси» ҳәм «Кәсиплик билимлендириў (емлеў иси)» бағдарларының питкериўшилери жасаў бойынша дизимге алынған жерине қарамастан, мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли қабыллаў параметрлеринде көрсетилген район (қала) да кеминде 5 жыл ислеп бериў миннетлемеси киргизилетуғынлығы белгиленсин.

Министрлик Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнттиң «в» ҳәм «г» киши бәнтлеринде көрсетилген усынысларды әмелге асырыў механизмлерин нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты  қысқартыў министрлиги, Министрлик Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2020/2021 оқыў жылында медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиўдиң мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин қәлиплестириўде медицина кадрларына талап жоқары болған аймақлар ушын бакалавриат ҳәм магистратураға мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға мақсетли қабыллаў параметрлерин 50  процентке шекем  арттырыўды инабатқа алсын.

4. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020/2021 оқыў жылынан баслап:

а) билимлендириў басқышына қарамастан, 2-қосымшаға муўапық шет тилин билиў дәрежеси ҳаққындағы халықаралық сертификатқа ийе болған медициналық жоқары  билимлендириў мәкемелери студентлерине (қәнигелик пәнлерди «қанаатландырарлы» баҳаға өзлестирип атырған студентлерден тысқары) Студентлерди хошаметлеў қоры қаржылары есабынан ҳәр айлық стипендиясына базалық стипендия муғдарында қосымша төлем әмелге асырылады;

б) мәмлекетлик медицина мәкемелериниң халықаралық тән алынған шөлкемлердиң (Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Нigher Education, Academic Ranking of World Universities) рейтингиндеги медицина бағдарында биринши 200 орынды ийелеген жоқары билимлендириў мәкемелеринде клиникалық ординатура (резидентура) ҳәм магистратура қәнигелигин тамамлаған, сондай-ақ, философия докторы (PhD)  ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алған хызметкерлердиң лаўазым мийнет ҳақысына төмендеги муғдарда ҳәр айлық қосымша үстеме төленеди:

клиникалық ординатура (резидентура) ҳәм магистратура қәнигелигин тамамлаған хызметкерге – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының жети есесине тең муғдарда;

философия докторы (PhD) ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежесин алған хызметкерге – мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының он бес есесине тең муғдарда.

Усы бәнтте нәзерде тутылған қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан қапланады.

5. Министрлик Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасы менен биргеликте:

а) үш ай мүддетте жәмәәт саламатлығы ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў хызметлери тараўында жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаў бойынша өз алдына медициналық жоқары билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў ҳәм оқыў процесин 2020/2021 оқыў жылынан баслаўды нәзерде тутатуғын Өзбекстан Республикасы Президенти қарарының жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) 2021-жыл 1-январьға шекем:

Н.И.Пирогов атындағы  Росиия миллий изертлеў медициналық университети ҳәм Түркия Бахчишеҳир университетиниң филиалларын ҳәм клиникаларын Өзбекстанда шөлкемлестириў бойынша;

мәмлекетимиздеги медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде халықаралық рейтинглерге киретуғын абырайлы сырт ел медициналық билимлендириў мәкемелери менен биргеликте қоспа билимлендириў бағдарламалары тийкарында халықаралық факультетлер, сондай-ақ, филиалларды ашыў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

6. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Министрлик Ташкент қаласындағы Халықаралық Вестминстер ҳәм Акфа университетлерин тартқан ҳалда усы университетлер ҳәм медициналық билимлендириў мәкемелеринде 2020/2021 оқыў жылынан баслап денсаўлықты сақлаў тараўы ушын менеджер қәнигелерин (Master of Healthcare Administration) таярлаў бойынша магистрлик бағдарын енгизиў бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2020/2021 оқыў жылында денсаўлықты сақлаў тараўы ушын 20 менеджер қәнигени магистрлик бағдары бойынша мәмлекетлик грант тийкарында таярлаўға байланыслы қәрежетлерди қаплаў илажларын көрсин.

7. Министрлик Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-августқа шекем қәнигелик бағдарларында тийкарғы есапланған халықаралық тән алынған авторлардың әдебиятлары, сондай-ақ, профилактика, диагностика ҳәм емлеўдиң заманагөй усылларын қолланыў бойынша сырт ел сабақлықларын авторлық ҳуқықлары талапларына әмел еткен ҳалда белгиленген тәртипте өзбек тилине аўдарыў тийкарында медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат, магистратура ҳәм клиникалық ординатура оқыў бағдарламаларын қайта көрип шықсын.

Бунда усы илажларды қаржыландырыў Министрлик ҳәм медициналық жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылады.

8. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Жоқары аттестация комиссиясы, Министрлик пенен Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 1-сентябрьден Нөкис, Әндижан, Бухара, Самарқанд, Үргенш ҳәм Ферғана қалаларында жайласқан медициналық жоқары билимлендириў мәкемелеринде белгиленген тәртипте философия докторы (PhDҳәм илим докторы (DSc) илимий дәрежелерин бериўши илимий кеңеслерди шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

9. Министрликтиң:

Ташкент врачлардың қәнигелигин арттырыў институтын Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайы (кейинги орынларды – Орай) етип қайта шөлкемлестириў;

Ташкент қаласындағы 1-санлы Республикалық клиникалық емлеўханасы негизинде Орайдың көп тармақлы клиникасын дүзиў;

медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери болмаған аймақларда (Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Наманган ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында) аймақлық көп тармақлы медицина орайларында Орайдың филлиалларын ашыў;

Орайда 2021-жылғы Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы қаржылары есабынан халықаралық стандартларға жуўап беретуғын оқыў-симуляциялық орайын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

10. Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Медицина хызметкерлериниң кәсиплик маманлығын раўажландырыў орайының структурасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Орай Ташкент врачлардың қәнигелигин арттырыў институтының барлық ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

Орайдың көп тармақлы клиникасының шөлкемлестириўшиси Орай есапланатуғыны ҳәм оның жумысы Орай тәрепинен муўапықластырылатуғыны;

Орай директорының емлеў ислери бойынша орынбасары бир ўақыттың өзинде Орайдың көп тармақлы клиникасының бас шыпакери есапланатуғыны белгиленсин.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Орайдың жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

11. Үзликсиз кәсиплик медициналық билимлендириўде топланатуғын кредитлердиң көлеми 4-қосымшаға муўапық белгиленсин.

12. Медициналық-санитария ҳәм фармацевтика кадрларының үзликсиз кәсиплик маманлығын арттырыў системасында 2020-жыл 1-сентябрьден баслап аккредитациядан өтпей, Министрлик тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын оқыў бағдарламалары тийкарында оқытыў ҳуқықы төмендеги мәкеме ҳәм шөлкемлерге берилсин:

Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети қаржылары есабынан ҳәм төлемли тийкарда  республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары, медицина ҳәм фармацевтика тараўындағы илимий-изертлеў институтлары ҳәм аймақлық көп тармақлы медицина орайлары;

Төлемли тийкарда-мәмлекетлик емес медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм тийисли медициналық-санитария қәнигеликлери бойынша оқыў-симуляциялық орайы (соның ишинде, мобиль оқыў-симуляциялық орай) ҳәм илимий дәрежеге ийе қәнигелери бар жеке меншик медицина шөлкемлери.

Район (қала) лық медицина бирлеспелери, соның ишинде, бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелери хызметкерлериниң үзликсиз кәсиплик маманлығын арттырыў усы бәнтте белгиленген мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен орынларда шөлкемлестирилетуғын көшпели цикллер ҳәм аралықтан турып оқытыў тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

Министрлик үзликсиз кәсиплик маманлығын арттырыў системасында медицина хызметкерлерин оқытыў менен шуғылланатуғын шөлкемлерге жоқары маман сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда арнаўлы оқыў курсларын шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берсин.

13. 2020-жыл 1-январьдан баслап:

шыпакерлер ушын ҳәр 5 жылда маманлық категориясын алыў бойынша мәжбүрий аттестациядан өтиў тәртиби киргизилетуғыны ҳәм оларға қолайлық жаратыў ҳәм ашық-айдын өткерилиўин тәмийинлеў ушын аттестацияны онлайн тәртипте аудио ҳәм видеобақлаў астында шөлкемлестириў системасы енгизилетуғыны;

бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем мәкемелериниң  медицина хызметкерлерин аттестациядан өткериў ушын төлем бийкар етилетуғыны белгилеп қойылсын.

14. Медициналық-санитария ҳәм фармацевтика кадрлары ушын қәнигеликти арттырыўды нәзерде тутатуғын үзликсиз кәсиплик билимлендириў системасын енгизген медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери (соның ишинде, мәмлекетлик емес медициналық жоқары билимлендириў мәкемелери), республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медицина орайлары ҳәм олардың филиаллары, илимий-изертлеў институтлары, аймақлық көп тармақлы медицина орайлары ҳәм мәмлекетлик емес медицина шөлкемлерине қәнигелигин арттырыўдан табыслы өткен қәнигелерге өтилген оқыў кредитлери көрсетилген ҳалда Министрлик тәрепинен белгиленетуғын үлгидеги сертификат рәсмийлестириў ҳуқықы берилсин.

15. Министрлик Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

16. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                         Ш. МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 7-апрель