Өмирбай ӨТЕЎЛИЕВ,
Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист
ҚЫРЫҚ КҮННЕН СОҢ ҚАЙТА ШАБАТУFЫН ҚАСҚЫРЛАРДЫҢ ҚОРҚЫНЫШ-ҲҮРЕЙИ…
Гүзекте, қара үйдиң түңлигинен «Үркер» жулдыз көринсе күн келтерип, түн узарып, аязлы күнлер, қыс тоқсан басланады. Күшиклерин излерине ерткен қасқырлар жемтигине шаптыратуғын, қайып-ылыққаннан жыртқышлығы қозатуғын гези. Жабайы аң, қуслардың өмири қысқа болады. Үстирттиң жабайы тәбияты жылдан-жылға жарлыланып, аш бөрилер қула дүзден тамағын таппай қалса өзлерин адамлар арасына урады. Соның ушын дизбекли төбеликлерин жағалаған отырықшы халық «қасқыр талаў»ға түспекте. Шопанлар ҳәр жылы тегисликтеги жаз жайлаўларынан қыслаўларына қайтқанда излерине көлеңкедей еретуғын қасқырларға қосылып жабайы доңызлар дүркиреп келген. Әўелгилери жерсинип, «Өли дәрья»дағы сай-сала, қалың бүкликлерге уя басқан. Қасымкерлер «Сары қамыс»тың жағалаўларындағы қамыслыққа от бергенде басларын паналап, бой жасырғандай жер қалмағанлықтан ойға қарай шубырмай қайда барсын?!
«Қасқыр жесе есесин Жаратқанның өзи қайтарады» деген түсиниктеги шарўаларға мал ашыўы жан ашыўына айланған. Дәмиккенинен қуныққаны жаман. Қасқырға сыр минезлердиң айтыўынша, араға қырық күн салып, умыттыра, қайта шабатуғынларын ойласа төбе шашлары тик турыў менен қорқыныш-ҳүрейде жасайды.
Соңғы жылларда халықтың жеке меншик малларына өрис-жайлаўы ушын жер ажыратылмағанлығы себепли аўыллардан шопанлы падалар шықпай қалды. Бир-еки бас малын бәҳәр, жаз айлары қуўыс-қолтықларда арқанлап баққаннан шарўашылық қалай мандысын. Гүзге қарай егинлерин жыйнағаннан соң жерлери кеңейип қалады. Қорасынан шығарып жиберсе, кеште үйлерин түўели менен тапқанларына мәс. Шопаны жоқ, «ийесиз» мал уры-қарақшы менен қасқырдың «еншиси»…
Шоманай районындағы «Дийқанабад», Қоңыраттан «Хорезм», «Үстирт», «Қоңырат» ҳәм «Рәўшан» хожалықларында жасаўшылардың малларына «қасқыр тийип атыр» деген ғалаўыт пенен жолға атландық. Бир айда, 20l8-жылдың l2-декабри күни, «Хорезм» хожалығында жасаўшы Қурал менен Нурылла баспақларынан, Нурлыбай тайыншағы, Жеңис онлаған қой-жанлығынан айрылыпты…
Бурыннан соңға, қасқырдың аўзы жесе де, жемесе де қан. Дүзден гелле бас-сыйрағы табылмаған жоғыма жыртқышты айыплағым келмейди. Из-түссиз кетти, суў толы жапқа шүмгенин билмесек. Қолға түспеген уры уры емес, деп Нурылла ҳағынан жарылды.
Қасқырдан қорққанлар қалай мал сақласын. Тамағы тойса да көзлери тоймағанлары баспағымның басын геўдесинен пышақ пенен кескендей бөлип алыпты. Териси, мүжилген сүйеклери жайрап жатыр. «Ең мазалы» жерлеринен аўыз тийсе, қаламасын түлки, сағаллар жеп, қуслар да шоқып қалысады. Илаж қанша, малым бала-шағамның бас-көзинен садақаA деген «Хорезм» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Қуралдың дәрти ишине сыймады.
Түн шымыры аяз еди. Қасқырдың сусы басым, жақынлап келсе ийтлерден сес шықпай қалысады. Айландырған уры алмай қоймас, бир жерлерди бүлдирип киятырғанлары салы атызға арқанлаўлы бийемниң төрт айлық, қызыл-реңли тайыншағын тамақлапты, деп «Жеткиншек» аўылында жасаўшы Нурлыбай да «ўаҳ-ўаҳ»лап қоя берди.
Салы атыздағы арқанлаўлы бийемнен күн шыға хабар алсам, көзлерин жаслаў менен қазығын айланып, тайыншағын жойтып тур. Боянлықтағы ақтарылған ишек-қарнының еле ысыўы кетпепти. Еки қасқыр қамашалап, аңсатлық пенен алмағаны жерди қазып кеткен өткир тырнақларының излерине қарап билинди. Бийени арқанламағанда тири жан, тайыншағын баўырына алып, тислеп, сәдделеп қасына жолатпас па едиA Арлан қасқырлар көбинесе қапталласа қуўып, қарнын жарса ҳәлсиреп жығылғанша изинен қалмайды екен. Есабын таўып, түйени де алатуғынын еситтик, деген Нурлыбай аўылындағы көбирек жәбир көрген Жеңистиң қорасына қарай жол баслады.
Үйим аўылдың шетинде жайласқанлықтан, қасқырлар «дайысындай көрип» бир қайырылмай өтпейди. Алалмай жүрген қарызы жоқ болса да, өткен жылы қатарына үш шапты. l2-сентябрьде үш, l6-октябрьде еки, 5-ноябрьде төрт, ең соңғы рет, усы жылдың l5-январында еки метрлик қалың қыспақ, қақ жыңғыл қорамды жарып кирген. Ешкилерге аўыз салса маңырарына ақыллары жеткенлерин қәйтерсеңЎ Тек қойлардың ғана қуйрығынан бир тислеп, майын ғылғылдата жута берипти. Қораны дөгереклеп қурған қақпанларымнан темирдиң ийиси шықпаўы ушын үстине жылқының тезегин сепкенлерим бир пул. Соңына қарай қалың жыңғыллықтың арасындағы қурыўлы қақпанымнан биреўин зорға алдым. Шала шапқан қақпанның темир сүйреткисин аўзы менен жулмалап түсирипти. Қақпан аяғында кеткенге әдеўир жерге шекем из кесип көрдим. Кейин еситсек, былайырақтағы Қазақбай исмли аўылласымыздың еки қойын заялап, Полат исмли инимиздиң ешегин қағындырған…
Қораға түнде паныс жағып та көрдим, темир даңғырлаттық, адам сүлдериндеги «қарақшы»ларға кийим кийгизип қойғанымыз бенен сумлығын бизлерден асырды. Қораны айланшықлап, қол усласып жатсақ та таңғы қас-қағымлық шийрин уйқыға кетер ўақтымызды аңлып жүрген…
Қасқырлар аўылларымызды «басларына кийип», күннен-күнге жәбирин өткермеге қарады. Ең жаманы, қәўипли жыртқыш алдында жарақсыз, қурықоллығымызға пәмлери алысқан…
Қасқыр жоқ демейик, бөрк астында, мийрим-шәпәәт тилемесек те болады. Тәбияттың жанлы бир мүшеси, жаратылысынан жыртқышлығы ушын пүткиллей қырылып кетиўине жол қойғанларымыз қәте болар. Адам тәғдири ушын тиккелей жуўапкер ҳәкимиятлар, ҳуқық қорғаў уйымлары, аўыл пуқаралар жыйынлары баслықлары, тәбиятты қорғаў, аңшылық жәмийетлери менен бирликте қасқырлар көбирек соқпағын салатуғын шет-шебирлердеги аўылларды өз қадағалаўларына алып, турақлы түрде рейдлер өткерсе, айрықша көзге түскен аңшыларды хошаметлеп, сыйлықлап барғанларында бети сәл қайтар еди…
АСЫРАП-САҚЛАЎFА КӨНБЕЙТУFЫН ҚАСҚЫРЛАР ӨЗЛЕРИНЕН ЗОРFА ЖОЛЫҚСА…
Тас төбемизге қара қазандай төңкерилген аспанның жулдызлары бири-биринен зыят түсип жарқырасады. Ярым ақшам пайытлары тың-тыңласақ, сағал, қасқырлар алмагезек улысып, қалың тораңғыллықта шықылықлаған қус тыным таппады.
Байыўлы суўықта үн қатса, ертеңине күн жыллы болады, деп үй ийеси Гельдижан көз житирим жердеги түнерип, минарлана көринген Үстиртке қарап, «қасқырды түн асырайды» деп гүбирленди.
Гельдижанның әкеси Аразмамед шынжырма-шынжыр жалғасқан сейислер әўладынан. Ат оздырғанлардың ғана сейис болғанындай, талай жүйрик-жорғаларды бийәрман сүрген. Бүгинлиги пахта менен бийдай жетистиретуғын атақлы фермер.
Шығасыға ҳәрдайым ийеси себепши! деп Гельдижан гәпти узақтан айландырды.
Тиймесең тиймейтуғын қасқырларды көз-көреки өшиктирип алдық. Сәскеликте, пытырап жайылған қойларымызға шаўып, қас пенен көздиң арасында екеўин заялады. Ойға барсақ ойға, қырға шықсақ қырға шығатуғын аш бөрилер келип-келип, алдымыздағыларға аўыз салмаға қарады. Аяқ тапылдысынан қашанғы қорқып жасайық. Уры түн, қасқырлар дөң асқанша. Отарымызға қырғын тийгизгенлериниң излеринен Көшербай исмли қоңсы шопанға қосыла генжетайым Гельдимурадлар жүйрик атларын мине шабысқан. Таўдың үстинде узаққа қашырмай жеткени менен бир уя қасқырға жүрек етип, қурал-жарақсыз барғанларын айт. Қолына илинген шығанақтай темир арматура, дыр қамшылары не болсын. Анық қутқармасын билген соң тәсил салып, тумлы-тусқа пытырап қашады. Әжели жеткени уясына қарай улыпты. Узақ шабыспаға шыдағаны менен жүйрик атларға тең келмейди. Қарны шермийип, еки айланған арланы жол бойы қусқанға бойы әдеўир жеңиллесипти. Қалай да, қутылып кететуғын имканияты туўылғанда алдын орайды. Нәйлаж, қанжығасына басын байлап, келсең-кел дегендей қарсы алдында шоңқайып отырған. Тумсығын тумлы-тусқа соза улып, уяласларын жәрдемге шақырғаны менен қасына жақынласыўға жүрексинбейди. Былай-былай атларын шабысқанда қоллары жеткендей жерден бири дыр қамшы, екиншиси темир арматурасы менен урып, өлимши ҳалға келтирген. Салмағы 45-50 килограмм шығатуғын арлан қасқырдың жансыз денесин атына артпақшы болғанда үрке қашыпты. Ҳал-дәрманы қурыған Көшербайдың атына жүклеп, 20 шақырымлық жолдан жетеклеп келипти.
Қасқырлардың арланын ямаса күшигин өлтирсең, тири қалғанлары кеги қайтпағанша қыр изиңнен қалмайды. Үш күн тынышланғанымыз бенен төртинши күни қайта шабылыўға өтти. Ҳәпте аралығында онлаған қой-ешкимизден айрылдық. Ишимизди уўдай ашытқаны, өткен жылдың октябрь айында бийиклиги үш метрлик қорамызға түскенде l4 қойды тамақлап, қуйрықлары тислегенлериниң тири қалар-қалмасы гүман…
Қасқырға шабатуғын туқым ийтлер қалмаған есабы. Сол күни ярым ақшамға шекем сақлыққа қорлық жоқ пенен тик аяғымыздан жүрдик. Қораға кирген-шыққан жерлериндеги жыңғылға көгис, узын «өли» жүнлери илинип қалған, деп Төребай шопан жәрдемши баласы Аллашүкирге жалтақ-жалтақ қарап қойды.
Таў жақтың таныс жылқыман, түйекешлери «Сақ болагөриң, қасқырлардың излери бажырайып атыр. Биреўи шелди басқылап жүрипти. Қаймығып, тайсалмайтуғын бир бәле! деп ескертиў жасап еди.
Өмир бойы қасқырларға аралас-қуралас жүргенликтен «несийбесинен артығын жей алмас» деген ойдамыз. Жаздағы шиллениң ыссысында арланы менен қаншығы «қара қулақ» болып қалған күшиклерин ойнатқанларын көрсек те қол қатпап едик, деп Гельдибай сөзин жалғастырды.
Талай рет жолдас, үйден дуз-дәмек болған Орынбай қақпаншының қәдир-қымбаты өтти. Үстиртти жалғыз өзи аралайтуғын еди. Түйесине азық-түлик, қақпанларын артып, бир кетсе еки-үш айлап изине айланбаған. Наятый қарыўлы, уйқысыз адам. Босағамызға «Үйиңе душпаныңды алып келдим. Көзи жемтикке түскен аш қасқырлар қурыўлы қақпанларды аңламас» деп аўызларына таяқ тислетип жетеклегени ушын дәстүр бойынша бос қайтармай, қозылы қой бердим.
Ата-бабаларымыз «ер азығы менен бөри азығы жолда. Ийттиң ийеси болса, бөриниң қудайы бар» деп тегинге айтпаған. Қаршыға, бүркитлер аспанымызды толтыра ушпағалы шымшықты та үлкен қус көрдик. «Өзиңе бек бол, қоңсыңды уры тутпа»ға салып, тириликте өз үлесин алған қасқырлар тоқ жасап, қойларымыз аман болсын! деген Гельдижанның нийети дүзиў еди.
ҚАСҚЫРЛАРҒА ҒӘЗЕП ҲӘМ АЯЎШЫЛЫҚ СЕЗИМЛЕРИМИЗ ҚОСА ОЯНҒАНДА…
Арадан бир ай өтип, Гельдижанға ушырасқанымда, «сиз келип кеткели қойыма еки рет қасқыр шапты» деп ынжылды. Үстирт етеклериндеги шашаў қонған аўылларды «қасқыр талап атыр» деген суўық хабар қулағымызға шалыныўдан «Хорезм», «Қоңырат» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларын және бирме-бир аралап, жәбир көргенлер туўралы газетамыздың усы жыл 5-февраль санында «Қырық күннен соң қайта шабатуғын қасқырлардың ҳүрейи», l2-февраль санындағы «Асырап сақлаўға көнбейтуғын қасқырлар өзлеринен зорға жолықса…» атлы сүўретли мақалаларым жәрияланды. Әттең, бундай тынышсызландыратуғын жағдайлар әдетий түске айланғанлықтан район басшылары, тараўлардағы жуўапкерли хызметкерлер бийпәрўа қарап, мақалаларды оқымағаны ушын пүткиллей бийхабар. Набада, үйиңиздеги қурық таўық шығарған шөжеңизди пышық жеп қойса қандай қыйналасыз. Улыўма есаптан жоқарыда атлары аталған аўылларда 35-40қа шамалас қой-ешки, баспақ, тайыншақ, боталар қасқырларға жемтик болған. Аш адамның қудайын умытқанындай, әзелден аңлысып жасайтуғын қасқырлар бурынлары тек қайымын таўып түнлете шаўса, енди, күпә-күндиз қаймықпастан, қыласынын қылады. Қоңсым тыныш болса мен аман, деп Гельдижан биразға шекем өзине келалмай отырды.
Бир ҳәптеликте қоңсымыз Амангелди қой қорасына паныс жағып қойса да қасқырлар бир ешкисин маңырата жеген…
Аўылдың шетиндеги бийдай атызларға суў ашып жүрген балаларым Қуўаныш пенен Дадаханлар қоңсымыз Яхшыгелдиге басларын қосқаны сол, қол созым жерде таў жаққа қыялап тартқан қасқырға көзлери түседи. Қарап кетпей, қойларына тийген. Қасқырлар менен шайдай айқасып өскенликтен Қуўаныш, Яхшыгелдиге «Әлекештиң баласына хабарла, излеримизден тақ мотоциклли жетсин» деп иркилместен атларына миниседи. Ғарры қасқыр тегинликте алдырмайды. Ҳәрдайымғыдай сумлығын асырып, ашық майданға ылақпай, Үстирттиң тикжарлықларындағы сексеўил, жыңғыллықлы терең сайлықларына тығылыпты. Көз жазып қалмаўлары ушын изден из шығарғанда төбеликке бир минип, бир түсип-ақ шаршап қалады. Үйге қайтажақ болып турса мотоциклли Қойшыбай келген. Жалма-жан дөгерегин барластырып, қасқырдың терең сайға кирген изи барын, қайтып шықпағанын аңлап, батыллық пенен ҳәрекет етеди. Ылақ ойнап жүрген қайымшыл аты менен Қуўаныш үңгирге жол басласа, сексеўилдиң тоқпақтай түбирлерин қурал еткен Қойшыбай, Дадаханлар еки қапталын алып жүреди. Қасқырға да жан керек, үңгирге қамалып жата берместен елес-қапаста қашып шығады. Қырдың қасқырлары жер басып жүрген топырағына мегзес, сарғыш-қызғылтым, ойдағылары шөп-шарға реңлес, көкшил болатуғынын ким көринген билмейди. Пәнтқумар қалғанларына арланып, жүйрик аты менен алдын орағанының пайдасы болмай, түн қараңғысы қойыўласқанда қурықол келисти.
Ертеңине желкесиндеги көгис жүнлери үрпейген тайыншақтай арлан қасқыр «мени көрдиң бе, қолларыңыздан не келеди?» дегендей қанталаған көзлерин сүзе қарап, жолларын кес-кеслейди.
Боз бийениң қулыншағы туўылғаннан изине ерсе, боз ингенниң боталағы уўыз сүтине қанбай баўырын жерден көтере алмайды екен. Дәрьябай түйекештиң де бир боталағын күни кеше қасқыр жегенине бийпәрўа болдық. Жыртқышлардың тынымсыз шабылыўларынан Айымгүл исмли шопан қыслаўын өзгертсе, Яхшыгелди қой-ешкилерин базарға не өткен баҳасына пуллап, аңсат қутылды, деп Гелдижан көк желкесин қасыды.
Қасқырлар тамағын тойдырып, бир-екеўин жеп кетсе, ҳасла қыйналмас едик. Жақынларға шекем аўылларымызға дарымай, саясын аўлаққа салып жүрди. Үстиртке айқуш-уйқыш асфальт, темир жоллар қурылып, тәбийғый газ тармақлары тартылғалы қулан-кийиклердиң өрислери тарылғанынан аўып кеткенин билетуғын едик. Дүзде ашырқағанларының тышқан менен қоянға аўызлары жарымай қалса не илаж…
Жабайы тәбиятта тек жабайы аң-қуслар ғана жасап, тиришилик етиўге бейимлескен. «Қызыл китап»қа киргизилген, қуўыс-қолтықларда ғана жасайтуғын аз сандағы қырғаўыл, қасқырлар өз тиришилиги ушын жан таласа урынғанларының неси айып?! Бир әсир илгери бурқасынлап аққан дәрья, толып-тасқан теңиз жағалаўларындағы тикжарлықларда қуйрықлары менен жер сабалап, жер-көкти гүңирендире ақырған жолбарыслардың ашшы даўыслары қулақларында қалғанлар еле тири. Елсиз жерлерде шоңқайыса отырып, айға қарап улыған қасқырлардың муң-наласын тыңласақ тула бойымыз титиркенип, ғәзебимизге қосыла аяўшылық сезимлеримиз оянады…
ҚАСҚЫРЛАРДЫҢ ЖЫРТҚЫШЛЫҒЫ ЖАЙҒАСА БЕРЕ МЕ?!
«Сылтаўым саз, бәҳәнем басқа» дегендей, сөзимиздиң басы қасқыр болғанға шоманайлы жол баслаўшымыз, Әбдимурат «Таў-дала аң-қуссыз болмас»лап қабақ шытты.
Үстирт тегислигиниң жанбаўырындағы «Гүнжили аўыл»ға суў нәўпир жыллары ғана «Майлыөзек»тен ағып-тамып келеди екен. Соған қарамастан үй қапталы қыйтақ жерин гүллендириўши Қудайберди Аннанепесовтың шаңарағына кешлете барсақ, күн бойы 23 түп жүзимин ашып, ағаш зәңгилерине өрмелетипти. l0 түп ерик, алма, беҳи, шабдал, қәрелилери жапырақлап, гүллеген. Ерте писер овощ-палыз егинлерине гүлшеленген жерлери таяр.
Аўылда жасағанлардың тиришилиги жерден, малға қарап қалды, деди кеўли иренишке толы Қудайберген.
Малларыңызға қасқыр шаўып тур ма? деген сораўымыз жан жерине тийгендей аўырсынды.
Қасқырсыз күнимиз жоқ, өткен ақшам жан қоңсымыз Тойлы ағаның үйине таяқ таслам жердеги қорасына түсип, 7 қой, 2 ешкисин тамақлапты. Тиркеш ағаның да 2, Дәўлетбайдың l қойын жеп, усы дөгеректегилер l00 ге жақын қой-ешки, елиўдей қарамалларымыздан айырылдық…
Аңшының сөзине аңшы ямаса көзи менен көргенлер ғана исенгениндей, саўдыраған әпиўайы аўыл турғынларының айтқанларын «жыңғыл десе қырғын»ға санап, исенимсизлик билдириўге ар-ҳүжданымыз шыдамады. Жуўанлығы бармақтай, қақ жыңғыллы қыспақ қорасын айланшықлап, қасқыр кирген жерине темир сетка тутып атырған Тойлы күйинип:
Сумлық, қасқырлар жарақсыз екенимизди билгендей, аўыл арасында ызғып жүр. Ийтлер қатты қорқса тығыларға тесик таппай қалады екен. Алды менен «жерик асы», ийисин сезсе аңқыратуғын ешеклерге қастын тигеди…
Күн шыға қой қорама келсем қан жосып, өлгенлери ҳәр жерде теңкейиссе, тирилери бир мүйеште уйлығысқан. Қара басымыз, бала-шағаларымыздың аманлығын тилеп, нәйлаж отыра беремиз-дә!..
Есимизди билгели қасқырлар менен қоңсы жасап киятырмыз-ғой! деген Әбдимурат сөзин даўамлап, кеўил жубатарлықтай гәп тапты.
Бурынғының қасқырлары инсаплыдай еди. Ара-тура ай батқан гезлери ямаса таңғы ала геўгимде шапты. Тамақларының тойғанларына қәнәәт етисти. Есесине, сол жылы саўлықларымыз егиз-егизден туўып, бас санын көбейттик…
Көк жийектеги қуслар кәрўаны ғағырласыўы менен теңизге қарай ушып өтти. «Қасқырлардың жыртқышлығы қашанға шекем жайғаса береди?» деген аўыр ойлар жетегинде қараңғыны түсире қазғанақлы орпаң жолда машиналы киятырсақ, ийттиң жүрисиндей бурраңлап-шойнаңлаған жуп қасқыр оқ жеткендей жерде изимизден қарап тур екен…
Қарақалпақстан хабар агентлиги